Бахтиёр Саидов Украина елшиси менен ушырасты

146

Өзбекстан сыртқы ислер министри Бахтиёр Саидов елимиздеги дипломатиялық миссиясын жуўмақлап атырған Украина елшиси Микола Дорошенко менен ушырасты.

Тәреплер Өзбекстан ҳәм Украина арасында товар алмасыў көлеми артып атырғанын атап өтип, еки ҳәм көп тәреплеме күн тәртибиндеги әҳмийетли мәселелерди додалады.

Сыртқы ислер министри елшиниң мәмлекетлеримиз арасындағы қатнасықлардың раўажланыўына қосқан үлеси ушын миннетдаршылық билдирип, алдағы жумысларында үлкен табыслар тиледи.

ӨзА