Диний комитет енди лицензиясыз “умра”шыларды “аўлайды”

Дин ислери бойынша комитет администрациясы тийисли қарар менен “Умра” илажларын шөлкемлестириў ҳәм өткериў жумысында қадағалаў сатып алыўын әмелге асырыў тәртибине байланыслы режени тастыйықлады.
Реже “Умра” илажларын шөлкемлестириў ҳәм өткериў жумысында тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў, лицензияға ийе болмаған шахслар тәрепинен нызамсыз хызметлер көрсетилиўин ерте анықлаў ҳәм алдын алыў мақсетинде қадағалаў сатып алыўын әмелге асырыў тәртибин белгилейди.
Режеге муўапық, Комитетке келип түскен мүрәжатлар яки усы сыяқлы қолға киргизилген мағлыўматлар тийкарында жуўапкер хызметкерлер “Сырлы қарыйдар” илажында қатнасады.
Онда Комитеттиң жуўапкер хызметкерлери өзин қарыйдар сыпатында таныстырған ҳалда “Умра” хызметлерин нызамсыз әмелге асырыўда гүман етилип атырған физикалық яки юридикалық тәреплердиң жумысын тексереди.
Илаж даўамында нызамсыз жумыс алып барып атырғанында гүман етилип атырған физикалық яки юридикалық тәрепке тийисли төмендеги мағлыўматлар топланады:
– “Умра” хызметин көрсетиў ушын тийисли лицензия бар екенлиги (рәсмий ҳүжжет яки аўыз-еки мағлыўмат тийкарында);
– “Умра” хызметин көрсетиў шәртлери (мүддети, баҳасы ҳәм басқалар);
– “Умра” хызмети ушын төлем усылы ҳәм есап бети.
“Сырлы клиент” илажы даўамында жасырын диктофон яки видео бақлаў қурылмаларынан пайдаланыўға руқсат бериледи. Диктофон ямаса видеобақлаў қурылмалары жәрдеминде жазып алынған мағлыўматлар Комитет тәрепинен қабыл етиледи ҳәм олардан усы Режеде көрсетилген жағдайлардан тысқары басқа мақсетлерде пайдаланыўға жол қойылмайды.
Усы Реже талапларының бузылыўында айыплы болған шахслар нызамшылық ҳүжжетлерине муўапық жуўап береди,-деп мәлимлеме береди xabar.uz сайты.
Қарақалпақстан хабар агентлиги