Түркияда күшли жер силкиниў: 16 имарат қулап түсти

184

Түркияның Балыкесир қаласында жүз берген жер силкиниўинен кейинги излеў-қутқарыў жумыслары жуўмақланды. Ҳәдийсе ақыбетинде 16 имарат ўайран болды, бир адам қайтыс болды, деди мәмлекет ишки ислер министри Али Эрлиқоя.

– 6,1 магнитудалы жер силкиниў нәтийжесинде бүлинген имаратлардан тек төртеўинде халық жасайды, – деген хызметкер арнаўлы брифингте. – Жер силкиниўи бир неше қоңсы ўәлаят, соның ишинде, Стамбулда да сезилди. Қутқарыўшылар бүлгиншилик  астынан төрт адамды алып шығыўға еристи. Тилекке қарсы, қутқарылған 81 жасар пуқара кейинирек қайтыс болды.

Тәбийғый апатшылықларды басқарыў басқармасы (AFAD)ның хабар бериўинше, жер силкиниў ошағында және кеминде 20 мәрте силкиниў бақланған. Ең аўыр жағдай Балыкесир, Измирь, Маниса ҳәм Стамбулда бақланған.

 

С.Раҳимов, ӨзА