Интеллектуаллық мүлкти ҳуқықый қорғаў күшейтиледи-айырым нызам ҳүжжетлери өзгерди

167

Өзбекстан Республикасы Нызамы менен айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерис ҳәм қосымшалар киргизилди.

Соның  ишинде, усы Нызам менен айырым нызам ҳүжжетлерине интеллектуаллық мүлк объектлерин мәмлекетлик дизимнен өткериў процеси әпиўайыластырылыўын нәзерде тутыўшы өзгерис ҳәм қосымшалар киргизилди.

Өзгерислерден бири –санаат мүлки объекти дизимге алынғанда патент талапнама бериўшиге автомат түрде электрон система арқалы жиберилиўи белгиленди.

Алдын Санаат мүлки объект дизимге алынғанлығы ҳаққындағы мағлыўматлар рәсмий мәлимлемеде жәрияланған сәнеден баслап 10 күн өткеннен соң әмелге асырылыўы белгиленген еди.

Сондай-ақ, нызам ҳүжжетлерине киргизилген өзгерис ҳәм қосымшаларға бола, интеллектуаллық мүлк объектлерине болған ҳуқықларын бузғанлығы ушын жуўапкершилик күшейтилиўи нәзерде тутылды,-деп мәлимлеме береди xabar.uz сайты.

Қарақалпақстан хабар агентлиги