Жумыссызлық напақасын төлеўдиң жаңа тәртиби енгизилди

Усы жылдың 1-ноябринен Өзбекстанда жумыссызлық напақасының муғдары арттырылады ҳәм оны алыў шәртлери өзгереди. Бул ҳаққында Президент пәрманында белгиленген.
Ҳүжжетке бола, жумыссызлық напақасы тек ғана мийнет шәртнамасы бийкар етилген ҳәм соңғы бес жылда кеминде 18 ай ислеген шахсларға төленеди.
Напақа тайынлаў ушын мийнет шәртнамасы бийкар етилгенинен кейин 6 ай ишинде мүрәжат етиў керек. Бул жағдайда соңғы 1,5 жылдағы орташа айлық мийнет ҳақы есабынан үш ай даўамында төлем әмелге асырылады.
Биринши айда – орташа айлық мийнет ҳақының 75 проценти муғдарында, бирақ мийнетке ҳақы төлеўдиң ең кем муғдары (МҲТЕКМ)ның 3 есесинен (3,813 млн сум) аспаған ҳалда төленеди. Алдын төлем муғдары орташа айлық мийнет ҳақының 50 процентин қурайтуғын еди. Кейинги айларда – орташа айлық мийнет ҳақының 50 проценти, бирақ МҲТЕКМның 3 есесинен көп болмаған муғдарда төленеди.
Жумыссызлық напақасын қайта тайынлаў ушын алдын тайынланған напақа алыў мүддети жуўмақланғаннан кейин рәсмий түрде кеминде 12 ай ислеген болыўы керек.
Егер напақа алыўшы бәнтлик уйымларының жолламасы менен сәўбетлесиўге ямаса жәрияланған бос жумыс орынларына бармаса, ямаса оған усыныс етилген сәйкес жумыстан бас тартса, напақа төлеми келеси айдың 1-сәнесинен тоқтатылады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги