Кекселерге көз нурын қайтаратуғын дәри ислеп шығарылды

153

Илимпазлар кексе адамларда көриў қәбилетиниң жоғалыўына қарсы көзге тамшылататуғын дәри ислеп шықты, деп хабар берди Medical Xpress.

АҚШ Азық-аўқат өнимлери ҳәм дәри-дәрмақлар сапасы үстинен санитариялық қадағалаў басқармасы (FDA) дәри-дәрмақларды ислеп шығарыў ҳәм сатыўға руқсат берген.

VIZZ  саўда атамасы астындағы дәри жасқа байланыслы көриў қәбилетиниң төменлеўин емлеўге арналған – бир мәрте қолланылыўы көриў анықлығын арттырады, жақын аралықтағы объектлерге итибарды жәмлеў ҳәм анығырақ көриў имканиятын береди. Атап өтилгениндей, бул дәри үстиндеги изертлеўлер 20 жыл даўам еткен, соның ушын ҳеш қандай кери тәсирлери жоқ.

Мағлыўматларға қарағанда, дүньяда еки миллиардтан аслам адам кекселик пенен байланыслы көриў қәбилетиниң төменлеп кетиўинен қыйналмақта, жаңа тамшы дәри көз әйнексиз ҳәм хирурглардың қатнасысыз көриў қәбилетин тиклейтуғыны айтылмақта.

Дәри-дәрмақ усы жылдан сатыўға шығарылыўы күтилмекте,-деп мәлимлеме  береди xabar.uz сайты.

Қарақалпақстан хабар агентлиги