Студентлердиң дем алысы мазмунлы өтпекте

222

«Әҳмийетли 90 күн” жойбары шеңберинде студентлердиң дем алыс ўақытларын мазмунлы шөлкемлестириў мақсетинде ҳәр қыйлы илажлар даўам етпекте.

Қарақалпақстан аўыл хожалығы ҳәм агротехнологиялар институтының студент-жаслары ушын да умытылмас мәдений дем алыс күни шөлкемлестирилди.

Илаж ишки туризмди раўажландырыў, жасларды елимиз бойлап дыққатқа ылайықлы тарийхый орынлар ҳәм сулыў тәбияты менен таныстырыў мақсетинде өткерилди. Студент-жаслар Тахтакөпир районындағы Дәўқара аўыл пуқаралар жыйыны аймағында жайласқан «Қаратерең» экотуризм комплексине барды.

Бул көл елимиз тәбиятының бийтәкирар гөззаллығы, миллийлик ҳәм заманагөйлик үйлескен орынлардан бири. Бул гөззал көринислерден заўықланған студентлер тек  ғана тәбият гөззаллығының тартымлылығын сезип қалмай, миллий дәстүрлер ҳәм қәдириятлар менен жақыннан танысты.

Илаж даўамында жаслар ушын ўатансүйиўшилик, экологиялық мәденият, миллий мийрасқа ҳүрмет сыяқлы пазыйлетлерди раўажландырыўға хызмет ететуғын қызықлы баянатлар ҳәм сөйлесиўлер шөлкемлестирилди.

Туризмди, әсиресе, ишки туризмди раўажландырыў бойынша республикамызда бир қатар илажлар әмелге асырылмақта. Соңғы жылларда усы көл әтирапында саяхатшылар ушын қолайлықлар жаратыў бойынша әмелге асырылған жумыслар бул жерге саяхатқа келиўшилердиң санын арттырмақта.

Президентимиздиң басламасы менен Қаратерең көли бойында жаңадан қурылған, ҳеш жерде уқсасы жоқ миллий колориттеги «Қаратерең» этно-туристлик комплексиниң қурылыўы халқымыздың миллий мийрасларына, тарийхына деген ҳүкиметимиздиң айрықша итибары екенлигинен дәрек береди.

Жаслар усы көл, этноаўыл ҳаққында мағлыўматлар алып, қатар турған қара үйлерди тамашалап, таўға көтерилип саяхат етип, сүўретлерге түсип кеўилли дем алды.

Әлбетте, жаслардың ертеңги айдын келешегин беккемлеўде, сондай-ақ, Ўатансүйиўшилик руўхында тǝрбиялаўда мине, усындай илажлардың тутқан орны әҳмийетли. Институт басшылары, бундай мәдений саяхатлар студентлердиң дүньяға көзқарасын кеңейтиў, дөретиўшилик ҳәм руўхый потенциалын арттырыўда үлкен әҳмийетке ийе екенин атап өтти.

Қарақалпақстан хабар агентлиги