Өзбекстан қурылысшыларына байрам қутлықлаўы

Ҳүрметли қурылысшылар, инженер ҳәм қәнигелер, тараў ветеранлары!
Бәринен бурын, сиз, әзизлерди бүгинги қутлы кәсиплик байрамыңыз бенен қызғын қутлықлап, ҳәммеңизге жоқары ҳүрметим ҳәм жақсы тилеклеримди билдиремен.
Сизлер сыяқлы мыңлаған шебер қурылысшы ҳәм инженерлер, уста ҳәм архитекторлар, жойбарлаўшы ҳәм қәнигелердиң машақатлы мийнети менен Жаңа Өзбекстанның жаңа абат ҳәм көркем келбети қәлиплеспекте, халқымыздың турмысы барған сайын абадан болып бармақта. Оның ушын ҳәммеңизге шын жүрегимнен миннетдаршылық билдиремен.
Кейинги жылларда қурылыс индустриясының раўажланыўы жаңа басқышқа көтерилип, бул тараў миллий экономикамыздың драйверлеринен бирине айланды. Соңғы сегиз жыл даўамында қурылыс ислериниң көлеми бир неше есеге артып, 2016-жылдағы 30 триллион сумнан 2024-жылда дерлик 234 триллион сумға жеткени де бул пикирди тастыйықлайды.
Өткен жылы елимизде улыўма 40 миллион 500 мың квадрат метр имарат ҳәм комплекс қурылған болса, быйылғы жылы бул сан 45 миллион квадрат метрден артыўы күтилмекте.
Халқымыздың өсип атырған талабы ҳәм тилеклеринен келип шығып, 2024-жылы 100 мыңнан аслам квартираға ийе болған 2 мың 44 көп қабатлы турақ жай қурылды. Бүгинги күнде халықтың жан басына туўра келетуғын турақ жайдың көлеми 2020-жылдағы 16 квадрат метрден 19 квадрат метрге жеткенин айрықша атап өтиў зәрүр.
Итибарлысы сонда, бул бағдардағы жумыслар избе-из даўам еттирилип, 56 аймақтағы «Жаңа Өзбекстан» массивлеринде қурылыс жумыслары жедел алып барылмақта. Быйылғы жылы халқымызға 135 мың турақ жай тапсырылады. 2030-жылға шекем «Жаңа Өзбекстан» массивлериниң санын 100 ге жеткериў мақсет етилген, бул болса 250 мың турақ жай дегени.
Дүньяның алдынғы компаниялары менен биргеликте «Жаңа Ташкент» жойбары шеңберинде 20 мың гектар майданда 2 миллион халық ушын қолайлы инфраструктура жаратылмақта.
Ҳәзирги ўақытта Жаңа ташкент қаласы қурылысының биринши басқышында Өзбекстан Миллий китапханасы, Жаңа Өзбекстан университети, Әлийшер Наўайы атындағы халықаралық илимий-изертлеў орайы, музейи, қәнигелестирилген мектеп ҳәм мақам орайы, Низамий атындағы Ташкент мәмлекетлик педагогикалық университети сыяқлы ири имарат ҳәм объектлер қурылмақта.
Булардың барлығы қолы гүл қурылысшыларымыз қандай үлкен шеклерге ерисип атырғанын айқын дәллилейди.
Қәдирли дослар!
Басқа тараўлар қатарында қурылыс тармағында да дәўир талабы тийкарында санластырыў процеси жедел раўажланбақта. Тараўда 30 дан аслам мәлимлеме системасы енгизилди. «Ашық-айдын қурылыс» миллий мәлимлеме системасында 22 мәмлекетлик хызметтиң санластырылғаны нәтийжесинде артықша қағазпазлық ҳәм әўерегершиликлерге шек қойылды. Тендер платформасының енгизилиўи себепли инсан факторының араласыўы сапластырылды, ашық-айдынлық бәсеки орталығы қәлиплестирилди.
Турақ жай қурылысында үлескер сыпатында қатнасқан пуқараларымыздың ҳуқықларын қорғаў мақсетинде «Эскроу» системасы енгизилмекте. Усы тийкарда исенимли девелоперлер базары қәлиплестириледи.
Бүгинги күнде қала қурылысы тараўында да жаңа дәўир басланды, десек, дурыс болады. Енди бас режелер улыўма жаңа мазмун ҳәм көринисте ислеп шығылып, геомәлимлеме системасына жайластырыў ушын санластырылмақта. Атап айтқанда, 2024-жылы 146 қала қурылысы ҳүжжетлери санластырылды. 2025-жылы бул көрсеткиш 180ге жеткериледи.
Қурылыс ресурсларының миллий класификаторы жаратылып, баҳаларды қәлиплестириў ҳәм объектлердиң смета баҳасын анықлаў да электрон системаға өткерилмекте.
Қурылыс процесслериниң барлық басқышларында жәмийетшиликтиң пикирин инабатқа алыў, қадағалаў процесинде қатнасығын тәмийинлеў ҳәм қурылыстың сапасын жақсылаў мақсетинде қадағалаў механизмлериниң нәтийжелилигин арттырыў үлкен әҳмийетке ийе.
Усы бағдарда қадағалаў жумысын толық санластырыў, объектлерде жумыслардың барысын күнделикли қадағалап барыў ҳәм реал ўақыт режиминде бақлаў имканиятын жаратқан ҳалда кемшиликлерди өз ўақтында сапластырыў тараў ўәкиллери алдында турған әҳмийетли ўазыйпалардан бири болып есапланады.
Сизлер бүгинги заманның өзи алдымызға қойып атырған, әне, усындай әҳмийетли талапларды терең аңлап, жоқары нәтийжелилик менен мийнет етесизлер. Мийнеткеш қурылысшыларымыздың мийнет ҳәм турмыс шараятларын жақсылаў, оларды мүнәсип хошаметлеў мәселелери буннан былай да турақлы итибарымыз орайында болып қалады.
Ҳәр бир қурылған имарат – бул бизиң келешек әўладларға қалдыратуғын уллы мийрасымыз, ҳәр бир көше ҳәм қаланың көринисинде сизлердиң қол изиңиз бар екенлиги, инсанлар бахты ҳәм қуўанышы менен сизлердиң мийнетиңиз бенен байланыслы екенлигин ҳеш қашан умытпаң.
Жаңа Өзбекстанды қурыўда алдымызда заманагөй қалалар, қолайлы турақ жайлар массивлери, инсанларға шадлық бағышлаўшы бийтәкирар имаратларды қурыў сыяқлы үлкен ўазыйпалар турыпты ҳәм оны әмелге асырыўда биз сиздей – әжайып, шебер ҳәм мийнеткеш қурылысшыларымызға исенемиз ҳәм сүйенемиз!
Ҳүрметли қурылысшылар!
Сизлерди – мәмлекетимизди ҳәр тәреплеме гөззал ҳәм бийтәкирар диярға айландырыўдай мақтанышлы ислерге шын жүректен үлес қосып атырған барлық ўатанласларымызды бүгинги байрам менен және бир мәрте шын жүректен қутлықлайман.
Елимиздиң раўажланыўы ҳәм абаданлығы жолында сиз, әзизлерге жаңа жетискенлик ҳәм әўметлер яр болсын!
Шавкат Мирзиёев,
Өзбекстан Республикасы Президенти