Илимпазлар биринши мәрте қар топланыў зонасына жетип барды

180

Өзбекстан Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлиги жанындағы Инновациялық раўажланыў агентлиги ҳәм Германия илим ҳәм жоқары билимлендириў министрлиги тәрепинен шөлкемлестирилген “Clean Water”  экспедициясы қатнасыўшылары Өзбекстандағы ең үлкен “Пахтакор” музлығына илимий экспедицияны әмелге асырды.

Экспедиция даўамында илимпазлар биринши мәрте музлықтың аккумуляция, яғный қар топланыў зонасына жетип барды. Еле ҳеш бир адамның қәдеми жетпеген бул мәнзилде қардың тығызлығы ҳәм қалыңлығы үйренилди. Нәтийжеде пүткил дүнья илимий жәмийетшилиги ушын үлкен әҳмийетке ийе мағлыўматлар қолға киргизилди.

Мағлыўмат орнында атап өтиў керек, бул илимий экспедиция биргеликтеги фундаментал жойбарлар шеңберинде 2025-2026-жыллар ушын Тәжикстан, Қырғызстан ҳәм Өзбекстан Республикалары аймағындағы таў музлықларына гляциологиялық экспедицияларды турақлы шөлкемлестириў ўазыйпасын орынлаў бойынша әмелге асырылмақта.

Муҳайё Тошқораева, ӨзА