Кофе ҳаяллар саламатлығына қандай зыян келтиреди?
165

Сүт ҳәм сироп қосылған кофе ҳаял-қызлардың денсаўлығына алкоголь ҳәм энергетиклерден де көбирек зыян келтиреди, деди эндокринолог Екатерина Янг.
Кофеин қандағы стресс гормоны дәрежесин кескин арттырады, қант ҳәм сироплар менен биригип инсулинниң кескин көтерилиўине себеп болады.
Кофеге сүт қосылыўы оның зыянын есесине арттырады: ол IGF-1 ислеп шығарылыўын хошаметлейди, сол себепли безеўлер ҳәм исиниўлер пайда болады, териниң өзи болса бир неше есе тезирек қартаяды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги