Президентимиз және бир басламаны алға қойды
249

– Биз абитуриентлерге 5 жоқары оқыў орнын таңлаў имканиятын бердик. Бул – жоқары билимлендириўде үлкен секириў, десек әдалаттан болады. Оны және де кеңейтемиз, – деди мәмлекетимиз басшысы.
Енди абитуриентлер 5 жоқары оқыў орнына кире алмаған болса, бирақ топлаған балы басқа жоқары оқыў орнындағы толмаған бағдарға туўра келсе, сол жоқары оқыў орнының ректоры оларды контракт тийкарында қабыл етиўи мүмкин болады.
Бул мәмлекетлик ҳәм жеке меншик жоқары оқыў орынлары арасында бәсекиниң раўажланыўына хызмет ететуғыны атап өтилди.
Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында жоқары оқыў орынлары питкериўшилерин жумысқа жайластырыў бойынша кеңейтилген мәжилис даўам етпекте.
ӨзА