Буннан былай питкериўшилерди жумысқа жайластырыўда өзин-өзи бәнт еткенлиги есапқа алынбайды

167

“Жаңа Өзбекстан” университетинде ректорлар мектеби арқалы ректор ҳәм проректорлыққа талабанлар мақсетли таярланады.

Оқыў курсында ең жақсы нәтийже көрсеткен ректорлыққа талабанлар қәнигелигин арттырыў ушын Гарвард университетине жибериледи.

Көп мәселелерде ректорларға еркинлик бериледи. Бәринен бурын, барлық жоқары оқыў орынлары шөлкемлестириў ҳәм академиялық жақтан еркин болады.

Яғный, ректор орынбасарларын өзи тайынлайды (әмелдеги тәртипке бола, министрлик пенен келисиў керек).

Онда ҳәр бир талабан жоқары оқыў орны кеңесинде өзиниң жыллық бағдарламасын қорғайды.

Ректорлар белгиленген қаржыландырыў ҳәм штаты шеңберинде профессор-оқытыўшылар ҳәм басқарыў хызметкерлерин өзи бөлистиреди.

Буннан тысқары, ректорларға “супер” контракт суммасын диферренцияласқан ҳалда белгилеў ўәкиллиги бериледи.

ӨзА