Мәмлекетимиз басшысы жумысқа жайласыўды есаплаўдағы кемшиликлерди сынға алды

Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында өткерилип атырған мәжилисте жоқары оқыў орынлары таярлап атырған кадрлар менен жумыс бериўшилердиң талабы арасында айырмашылық үлкен екени көрсетип өтилди.
Мысал ушын, жеңил санааттың өзинде 4 мың жоқары категориялы кадрларға талап бар.
Бул бағдарда жылына орташа 2,5 мың студент питкерип атырған болса да, олар кәрханалардағы заманагөй үскенелерде ислеўди билмегенлиги ушын 42 проценти жумысқа жайлаcа алмай атыр. Ақыбетинде исбилерменлер шеттен таяр қәниге тартыўға мәжбүр болмақта.
Мәмлекетимиз басшысы жумысқа жайласыўды есаплаўдағы кемшиликлерди сынға алды.
Быйылғы 231 мың жоқары оқыў орны питкериўшилеринен 125 мыңы жумыс тапты, деп есап берилип атырғаны менен жумыслы болғанлардың 42 мыңы өзин-өзи бәнт еткени анықланған.
Ҳәр бир студентти жоқары оқыў орнында оқытып, қәниге етип таярлаў ушын мәмлекет жылына 25-30 миллион сум жумсамақта.
Бирақ, төрт жыл жоқары оқыў орнында оқып, диплом алған жаслардың ярымынан көбиcи маманлықты аз талап ететуғын жумысларда бәнт.
ӨзА