Кадрлар таярлаў системасы реал талапқа сай емес екенлиги атап өтилди

111

Президент Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында жоқары оқыў орынлары питкериўшилерин жумысқа жайластырыў бойынша кеңейтилген мәжилис басланды.

Кейинги 7 жылда жоқары билимлендириўге қабыллаў 4,5 есеге артып, қамтып алыў 42 процентке жеткен болса да, кадрлар таярлаў системасы реал талапты қанаатландырмай атырғаны атап өтилди.

Мысал ушын, жылына 20 мың автомобиль ислеп шығарып атырған “BYD” заводында 100 бос жумыс орны бар. Соның төрттен бири – робототехника ҳәм бояў, роботларды программаластырыў инженерлери.

Заводта кадрлар жетиспеўшилиги себепли сырт елден 80 қәниге келип ислемекте. Завод 4-5 жылда толық қуўатлылыққа өтип, жылына 500 мың автомобиль ислеп шығара басласа, 4 мың жоқары маманлықтағы кадрлар керек болады.

-Бул – бир жойбар бойынша есап-санақлар. Жақын 3-4 жылда иске түсирилетуғын 83 миллиард долларлық ири жойбарлар есабынан санааттың өзинде 500 мыңға шамалас кадр зәрүр, – деди мәмлекетимиз басшысы.

ӨзА