Өзбекстан ҳәм Россия Президентлери телефон арқалы еки тәреплеме ҳәм халықаралық әҳмийетке ийе актуал мәселелерди додалады

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 8-август күни Россия Федерациясы Президенти Владимир Путин менен телефон арқалы сөйлести.
Еки тәреплеме ҳәм халықаралық әҳмийетке ийе актуал мәселелер көрип шығылды.
Россия Президенти 6-август күни Москва қаласында АҚШ Президентиниң арнаўлы ўәкили Стивен Уиткофф пенен өткерилген сөйлесиўлердиң тийкарғы нәтийжелери ҳаққында мәлим етти.
Жоқары дәрежедеги келисимлерди әмелге асырыў шеңберинде Өзбекстан-Россия кең көлемли стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықларын буннан былай да раўажландырыў ҳәм беккемлеўдиң әмелий тәреплери де додаланды.
Өз-ара товар алмасыў ҳәм инвестиция көрсеткишлериниң өсиў пәтин тәмийинлеў, экономиканың тийкарғы тармақларында кооперациялық жойбарларды жеделлестириў, аймақлар дәрежесинде нәтийжели байланыслар, исбилерменлик ҳәм гуманитарлық алмасыўларды даўам еттириўге қаратылған муўапықластырылған илажларды қабыл етиўге айрықша итибар қаратылды.
Өзбекстан ҳәм Россия жетекшилери болажақ ушырасыў ҳәм илажлардың режесин де көрип шықты.
ӨзА