Иброҳимов Неъматуллаға «Өзбекстан Республикасында хызмет көрсеткен жаслар устазы» ҳүрметли атағын бериў ҳаққында

Өзбекстан Республикасы Президентиниң Пәрманы
Елимизде илим тараўын раўажландырыў, халқымыздың илимий-интеллектуаллық потенциалын арттырыў бағдарындағы көп жыллық жемисли мийнети, атап айтқанда, шығыстаныў ҳәм деректаныў бағдарындағы фундаментал изертлеўлери менен әҳмийетли қолланбалар менен жойбарларды табыслы әмелге асырыў, бай илимий мийрасымызды үйрениў ҳәм үгит-нәсиятлаўға қосқан үлкен үлеси, қәбилетли жас илимпазларды таярлаў, нәўқыран әўладты Ўатанға муҳаббат ҳәм садықлық руўхында тәрбиялаў жолындағы ибратлы жумысы ҳәм туўылған күниниң 80 жыллығы мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясының академиги Иброҳимов Неъматуллаға “Өзбекстан Республикасына хызмет көрсеткен жаслар устазы” ҳүрметли атағы берилсин.
Өзбекстан Республикасы Президенти
Ш.Мирзиёев