Наўайы ўәлаятындағы  үлкен имканиятлар көрсетип өтилди

138

Президент Шавкат Мирзиёев 7-август күни Наўайы ўәлаятында реформалардың нәтийжелилигин ҳәм жаңа режелерди додалаў бойынша мәжилис өткерди.

Наўайы ўәлаяты жер асты байлықлары, санааты ҳәм аўыл хожалығы бойынша үлкен потенциаллы аймақ. Булардың негизинде соңғы сегиз жылда 8 миллиард долларлық 7 мыңнан аслам жойбар әмелге асырылып, 73 мың жумыс орны жаратылған. Исбилерменлердиң саны 10 мыңнан 30 мыңға шекем көбейген.

Өзбекстан Президентиниң 2024-жыл 12-декабрьдеги «Наўайы ўәлаятын социаллық-экономикалық  раўажландырыў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарары имканиятларды және де арттырды.

Быйыл 6 айда инвестиция көлеми 643 миллион долларға жетти, экспорт 635 миллион доллардан артты. 550 миллион долларлық қуўатлықлар, 1 мың 140 саўда ҳәм сервис комплекслери  иске қосылды.

Бирақ еле пайдаланылмаған дәреклер оғада көп. Мәмлекетимиз басшысы Наўайы ўәлаятында ири санаат тармақларынан тысқары жайлаўларды өзлестириў, шарўашылықты раўажландырыў, хызмет түрлерин көбейтиў бойынша  имканиятлар   шексиз екенин атап өтти.

Атап айтқанда, мәмлекетимиздеги  қазылма байлықларының 20 проценти, жайлаўлардың 43 проценти усы аймақта жайласқан. Ири кәрханалар ҳәм қолайлы инфраструктура жақын жайласқан көплеген тармақларда талап жаратқан.

Орынлардағы имканиятларды жүзеге шығарыў ушын Наўайы ўәлаятында да «Реформалар штабы» дүзилди. Мәжилисте исбилерменлердиң усыныслары тийкарында ислеп шығылған жаңа жойбарлар таныстырылды.

Соның ишинде,  Ғазғон қаласы, Нурата, Хатирчи, Наўбәҳәр ҳәм Үшқудық районларындағы  8 кәнге инвесторлар 566 миллион доллар инвестиция киргизиўге таяр екенлигин билдирген. Оның нәтийжесинде санаат көлеми 2,5 триллион сумға, экспорт 100 миллион долларға  көбейеди.

Мәселен, Нурата районында 750 миллино куб метр гранит тасларының резерви бар.  Оны қайта  ислеў ушын 50 гектар майданда санаат зонасын шөлкемлестириў усыныс етилди.

Усы райондағы 10 мәҳәлледе 5 мыңнан аслам ҳаял-қызлар кестешилик пенен шуғылланып, дәрамат таппақта. Енди оны кеңейтип, 28 мәҳәлледе Кестешилик  орайларын ашыў режелестирилген.

Мүтәж шаңарақларды қуяш панеллери ҳәм көшпели дүканлар менен тәмийинлеп, камбағаллықтан  шығарыў нәзерде тутылған.

Ўәлаяттағы 3 миллион гектар жайлаў аўыл хожалығы ушын үлкен имканият. Мәселен, қызылтепалы исбилермен мың гектар жайлаўда жаўынлатып ҳәм тамшылатып суўғарыў технологиясын қолланып, экспортқа жарамлы егинлер жетистирмекте. Енди шарўашылықты  жолға қойып, сүтти қайта ислеў басламасын билдирген.

Улыўма, ўәлаятта 1 миллиард 600 миллион долларлық  қосымша  жойбарлар қәлиплестирилген. Олардың нәтийжесинде және 10 мың жумыс орны,  бюджетке 1 триллион  сум түсим ҳәм 238 миллион долларлық экспорт имканияты пайда болады.

Мәмлекетимиз басшысы жойбарлардың экономикалық нәтийжелилигин арттырыў бойынша тапсырмалар берди.

Ири ҳәм  киши кәрханалар арасында кооперация жоқ екенлиги көрсетип өтилди. Исбилерменлерди  кәрханаларға байланыстырып, кепилликли буйыртпаны жолға қойып, киши бизнестиң ўәлаяттағы үлесин арттырыў ўазыйпасы қойылды.

Жайлаўларға суў шығарыўға жәрдем берип, олардан нәтийжели пайдаланыў, азық-аўқат өнимлерин көбейтиў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Наўайы ўәлаятында орташа мийнет ҳақы басқа аймақлардан 1,5 есеге жоқары  екенлиги саўда ҳәм сервиске талапты да, усынысты да хошаметлейди. Усыған мүнәсип, дем алыў бағлары ҳәм дем алыў орайларын шөлкемлестириў, туристлерди көбейтиў, хызметлер көлемин арттырыў бойынша көрсетпелер берилди.