Электромобильлердиң 76 проценти пайтахтлыларға тийисли – статистика

Миллий статистика комитетиниң мағлыўматларына бола, 2025-жылдың 1-июль жағдайына Өзбекстанда 73,6 мың электромобиль дизимге алынған.
Итибарлы тәрепи, электромобильлердиң салмақлы бөлеги (75,8 проценти) пайтахтта дизимнен өткерилген.
Электромобильлердиң аймақлар бойынша бөлистирилиўи:
Ташкент қаласы – 55 826 дана;
Ташкент ўәлаяты – 5 262 дана;
Самарқанд ўәлаяты – 2 075 дана;
Хорезм ўәлаяты – 1 659 дана;
Қашқадәрья ўәлаяты – 1 519 дана;
Ферғана ўәлаяты – 1 509 дана;
Бухара ўәлаяты – 1 285 дана;
Наўайы ўәлаяты – 1 043 дана;
Әндижан ўәлаяты – 977 дана;
Наманган ўәлаяты – 815 дана;
Қарақалпақстан Республикасы – 590 дана;
Сырдәрья ўәлаяты – 487 дана;
Жиззақ ўәлаяты – 342 дана;
Сурхандәрья ўәлаяты – 203 дана,-деп мәлимлеме береди xabar.uz сайты.
Қарақалпақстан хабар агентлиги