Билимлендириў шөлкемлерин мәмлекетлик аккредитациядан өткериў тәртиби белгиленди

253

Ҳүкимет қарары (498-санлы) менен, «Арнаўлы, кәсиплик, жоқары ҳәм жоқары билимлендириўден кейинги билимлендириў, кадрларды қайта таярлаў ҳәм олардыӊ қәнигелигин арттырыў шөлкемлерин комплексли ҳәм арнаўлы мәмлекетлик аккредитациядан өткериў тәртиби ҳаққында»ғы реже тастыйықланды.

Режеге бола, мәмлекетлик аккредитациядан өткериў төмендеги басқышлардан ибарат:

2-басқыш – билимлендириў сапасын ишки баҳалаў;

3-басқыш – билимлендириў сапасын сыртқы баҳалаў;

4-басқыш – мәмлекетлик аккредитация бойынша жуўмақлаўшы қарар қабыл етиў.

Билимлендириў бағдарламаларын арнаўлы мәмлекетлик аккредитациядан өткериў ҳаққындағы арзалар келеси оқыў жылында жумысын баслаў ушын ҳәр жылы 1-октябрьден кейинги жылдың 31-январына шекем қабыл етиледи.

Арзаға төмендеги ҳүжжетлер қосымша етиледи:

– лицензия/юридикалық шахстың гүўалығы нусқасы;

– арзаны көрип шығыў ушын белгиленген муғдардағы жыйымлардың әмелге асырылғанлығы ҳаққындағы мағлыўматнама;

– мәмлекетлик аккредитация процесслерине бириктирилген жуўапкер хызметкердиң мағлыўматлары.

Арзалар 15 жумыс күнинде көрип шығылады.

Билимлендириў бағдарламасы “мәмлекетлик аккредитациядан өтти” деп тән алынғанда, арнаўлы мәмлекетлик аккредитациядан өткенлиги ҳаққындағы сертификат 1 ҳәпте мүддетте бериледи ҳәм усы билимлендириў бағдарламасы бойынша кадрлар таярлаўға рухсат бериледи.

ӨзА