Теңизге шығыў имканияты болмаған мәмлекетлердиң потенциалын арттырыўға айрықша итибар қаратылмақта

Өзбекстан географиялық жайласыўына қарай, дүньяда теңизге шығыў имканияты болмаған ҳәм соның менен бирге, пүткиллей теңизге шығыў имканияты жоқ басқа мәмлекетлер менен қоршалған еки мәмлекеттен бири (Лихтенштейн менен бирге). Бул жағдай транспорт изоляциясын жеңип өтиў ҳәм глобал экономикалық процесслерге толық тартыў қуралы сыпатында санлы шешимлердиң әҳмийетин бир неше мәрте арттырады.
Теңизге тиккелей шығыў имканиятына ийе болмаған раўажланып атырған мәмлекетлер (LLDCs) бойынша БМШ халықаралық конференциясы тиккелей теңизге шығыў имканиятына ийе болмаған мәмлекетлерди қоллап-қуўатлаў бойынша халықаралық стратегияларды ислеп шығыў мақсетинде БМШ қәўендерлигинде ҳәр он жылда өткериледи. Биринши конференция 2003-жылы Алматы қаласында (Қазақстан) болып өткен ҳәм Алматы ҳәрекет багдарламасына старт берилген. 2014-жылы болса Вена қаласында (Австрия) 10 жыллық Вена ҳәрекет бағдарламасы қабыл етилген.
Санлы технологиялар министриниң биринши орынбасары О.Умаров БМШтың теңизге шығыў имканияты болмаған раўажланып атырған мәмлекетлер бойынша үшинши халықаралық конференциясында қатнасты.
Онда дүньяның 32 мәмлекетинен 3000 нан аслам делегатлар қатнасты.
Конференция турақлы раўажланыў ҳәм мәмлекетлердиң санлы трансформациясы мәселелери бойынша ҳүкиметлер, бизнес ҳәм халықаралық шериклер арасындағы сөйлесиў ушын тийкарғы майдан ўазыйпасын атқарады.
Ҳүкиметлер, халықаралық шөлкемлер, жеке меншик сектор ҳәм илимий топарлардың ўәкиллери санлы тосқынлықларды сапластырыў, трансшегаралық саўданы жеделлестириў ҳәм LLDCs мәмлекетлериниң глобал санлы экономикаға және де әдалатлы қатнасын тәмийинлеўге уқыплы болған инклюзив санлы экосистемаларды қәлиплестириў имканиятларын көрип шықты.
Санлы инфраструктураны раўажландырыў, санлы базарларды интеграциялаў ҳәм LLDCs мәмлекетлериниң институционаллық потенциалын арттырыўға айрықша итибар қаратылды.
Усы жерде Өзбекстанның санлы раўажланыў тараўындағы жетискенликлерине нәзер таслайтуғын болсақ, телекоммуникацияларға жыллық инвестициялар 1 миллиард доллардан асады. Халықаралық рейтинглерде мәмлекетимиз сымлы интернет бойынша 76-орынға, мобиль интернет бойынша болса 71-орынға көтерилди. Электрон ҳүкимет 770 тен артық хызметлерди қамтып алады, олардан ҳәр күни 12 миллионнан артық адам пайдаланады. Өзбекстан глобал e-gov рейтингинде 63-орынды ийелейди.
Елимизде IТ тараўында 190 мыңнан аслам қәниге ислейди. IТ парк резидентлери саны 2900 ден асты, 2025-жылдың ақырына шекем хызметлер көлеми 1 миллиард долларға жетиўи күтилмекте. 600 ден аслам стартап раўажланбақта. Жасалма интеллектке таярлық рейтингинде мәмлекетимиз 70-орынға көтерилди.
Өзбекстан Республикасы Санлы технологиялар министрлигиниң мағлыўматына бола, сессияның барлық қатнасыўшылары глобаллық экономикаға кириўде еки тәреплеме тосқынлықларға дус келип атырған мәмлекетлер ушын санлы шешимлердиң әҳмийетин атап өтти.
А.РУСТАМОВ,
ӨзА