Режеге емес, илимге хызмет етиўимиз керек

135

Билимлендириў – раўажланып атырған ҳәр бир жәмийеттиң тийкары. Бүгин жоқары шыңларды ийелеп атырған алдынғы мәмлекетлерде ең көп талап етилетуғын тараўлардан бири бул – педагогика. Бул бийкарға емес, әлбетте. Себеби, инсанның тәлим-тәрбиясы тиккелей устаздың билим дәрежеси, кәсиплик шеберлиги ҳәм руўхый пазыйлетлерине байланыслы.

Уллы ағартыўшы бабамыз Абдулла Авлоний: “Ең жаман адамлар илимге әмел етпейтуғын адамлар болып есапланады. Егер тәрбиялаўшы муғаллим илимпаз болып әмелсиз болса, бул шәкиртлердиң әдеп-икрамлылығына жаман тәсир көрсетеди”, дегенинде тек устазлық жуўапкершилигин емес, ал илимниң әмел менен үнлес болыўы зәрүр екенлигин де терең аңлатқан еди. Ҳақыйқатында да, муғаллим тек сабақ өтиўши емес – ол шәкиртлер шахсына тиккелей тәсир етиўши ең әҳмийетли фактор.

Бирақ тилекке қарсы, бүгинги күнде бул кәсиптиң абырайы бираз төменлегендей. Айырым билимлендириў дәргайларында студентлер сабақлардан кеўли толыўдың орнына, басқа екилемши мәселелер менен әўере болмақта. Нәтийжеде билимлендириўдиң сапасы төменлемекте, бул болса өз-өзинен оқытыўшылардыӊ да, оқыўшылардың да нәтийжелеринде өз көринисин таппақта.

Көпшилик жоқары билимлендириў мәкемелеринде илимий мақала жазыў бойынша үстеме ҳәм басымлар артып бармақта. Буны статистикалық мағлыўматлар да тастыйықлайды. Соның ишинде, SCOPUS базасындағы таллаўларға бола, 1996-2000-жыллар аралығында Өзбекстанлы илимпазлардың 90 проценти мақалаларын абырайлы илимий журналларда басып шығарған. Бирақ ҳәзирги күнде бул көрсеткиш сезилерли түскен. Бул болса илимий потенциал төменлегенин емес, ал илимий мақала жазыўдағы сапасыз система қәлиплесип атырғанын көрсетпекте.

Негизинде болса бир илимий мақала жазыў аңсат жумыс емес. Бул ўақыт, излениў, тәжирийбе ҳәм терең таллаўды талап етеди. Бирақ айырым билимлендириў мәкемелеринде педагоглардан белгиленген мүддетте илимий мақалалар таярлаў талабы қойылмақта. Бул болса сапасыз, темаға терең кирилмеген, ал гейде “қарақшы” журналларда басып шығарылып атырған плагиат мақалалардың санының көбейиўине себеп болмақта.

Илимий мақала жазыўдан мақсет илим тараўына жаңалық алып кириў, үйренилген ҳәдийсени терең таллаў, теориялық ҳәм әмелий усыныслар бериўден ибарат. Бирақ “режеге ислеў” ямаса “мүддет ишинде тапсырыў” талаплары бул мақсетлерди жоққа шығарып атырғаны ҳақыйқат. Нәтийжеде бул илимге әмел етпеў, яғный билимнен әмелде пайдаланбаў иллетин келтирип шығармақта. Бул болса тек жеке емес, ал улыўма миллий апатшылық болыўы мүмкин. Себеби, ертеңги әўладтың тәғдири бүгин қандай устазлардың қолында екени менен белгиленеди.

Дилдора ДЎСМАТОВА,
ӨзА