Қарақалпақстан спортшылары жаңа шеклерге умтылмақта

143

Нөкис қаласындағы Олимпиада ҳәм паралимпия спорт түрлерине таярлаў орайында «Жаңа Өзбекстан Олимпиада шоққылары» спорт жарысларының 2-басқыш жарыслары салтанатлы түрде басланды.

Илаждың ашылыў мәресиминде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы М.Атамуратов ҳәм Спорт министри Е.Қутыбаев қатнасып, барлық спортшыларға табыслар ҳәм жоқары нәтийжелер тиледи.

Жарыслар шеңберинде биринши болып таэквондо WT түри бойынша беллесиўлер шөлкемлестирилди. Онда Қарақалпақстанның барлық қала ҳәм районларынан келген жас спортшылар өз шеберликлерин көрсетти.

Қызғын ҳәм маўасасыз өткен жарыс жуўмағында жеңимпазлар диплом, медаль ҳәм баҳалы саўғалар менен сыйлықланды.

Итибарлы тәрепи сонда, бул басқышта жеңимпаз болған қатнасыўшылар үшинши басқыш – Президент олимпиадасында қатнасыў ҳуқықын қолға киргизеди. Бул болса олар ушын үлкен спорт жолындағы гезектеги әҳмийетли қәдем есапланады.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги