Темирханова Гулнара Утебаевнаның филология илимлери бойынша философия докторы (PhD) диссертациясын қорғаўы ҳаққында

Темирханова Гулнара Утебаевнаның 10.00.03 – Қарақалпақ тили қәнигелиги бойынша “ХХ әсирдиң ақыры ХХI әсирдиң басындағы қарақалпақ тилиндеги сырттан кирген сөзлер” темасындағы филология илимлери бойынша философия докторы (PhD) илимий дәрежесин алыў ушын усынылған диссертациясын қорғаўы Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясы Қарақалпақстан бөлими Қарақалпақ гуманитар илимлер илим-изертлеў институты жанындағы илимий дәрежелер бериўши DSc.02/25.08.2021.Fil.137.01 санлы Илимий кеңестиң 2025-жыл 18-август күнги саат 09.00 деги мәжилисинде болып өтеди.
Мәнзил: 230100, Нөкис қаласы, Бердақ гузары 41-жай, Тел: (+99861) 222-85-47, факс: (99861) 222-85-47; email: kk gumanitar@mail.ru