Болгария Президенти өзбекстанлы спортшыларды қабыл етти
110

Усы күнлерде байдарка ҳәм каноэда ескек есиў бойынша Өзбекстан сайланды командасы Болгарияның Пловдив қаласында оқыў-шынығыў жыйынын өткермекте.
Усы мәўсимниң абырайлы жарыслары, сондай-ақ келеси жылы Японияда өтетуғын жазғы Азия ойынларына таярлықтың әҳмийетли басқышы есапланған усы илаж шеңберинде мәмлекетимиз спортшыларын усы мәмлекет жетекшиси Румен Радев қабыл етти. Бул ҳаққында федерациясы мәлимлеме хызмети хабар тарқатқан.
Президент спортшы ҳәм тренерлеримиз ушын жаратылған шараят, шынығыўлар процеси менен қызықты. Ушырасыў даўамында Өзбекстан ҳәм Болгария арасындағы мәдений-гуманитар қатнасықлар, атап айтқанда, спорт тараўындағы бирге ислесиўди және де беккемлеў мәселелери көтерилди.
Т.Рўзиев, ӨзА