Тең ҳуқық ҳәм имканиятларды буннан былай да кеңейтиў мәселелери додаланды

Өзбекстан Республикасы Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитети тәрепинен Азия раўажланыў банкиниң Өзбекстандағы ўәкилханасы менен биргеликте Мәсләҳәт кеңеслери ушын “Ҳаял-қызлар ҳәм ер адамлардың тең ҳуқықлары менен имканиятларын буннан былай да кеңейтиў” атамасында оқыў-семинары өткерилди.
Гендер теңлик – ҳәр бир жәмийеттиң раўажланыўының, демократиялық қәдириятлардың үстинлигиниң ҳәм инсан ҳуқықларының толық әмелге асырылыўының әҳмийетли көрсеткиши болып есапланады.
Халықаралық дәрежеде қабыл етилген Пекин декларациясы ҳәм Ҳәрекет платформасы, Турақлы раўажланыў мақсетлери (ТРМ) сыяқлы ҳүжжетлер ҳаял-қызлардың турмысын жақсылаўда әҳмийетли стратегиялық бағдар болып хызмет етпекте.
Быйыл Пекин декларациясы ҳәм Ҳәрекетлер платформасы қабыл етилгенине 30 жыл толады. Бул ҳүжжет ҳаял-қызлар ҳуқықлары ҳәм гендер теңлиги бойынша глобал күн тәртибин белгилеп берген тарийхый ҳүжжет болып есапланады. Бул декларация ҳәм Платформа 189 мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатланған болып, ҳаял-қызлардың социаллық, сиясий, экономикалық ҳәм мәдений турмыста толық ҳәм теңдей қатнасыўын тәмийинлеў мақсетин гөзлейди.

Декларация принциплери ҳәм қағыйдалары көплеген мәмлекетлер, соның ишинде, Өзбекстан миллий стратегияларының тийкарына айланды ҳәм ҳаял-қызлардың ҳуқықларын қорғаў, олардың мәплерин тәмийинлеў және жәмийеттиң барлық тараўларында теңдей имканиятлар жаратыў бойынша кең көлемли реформаларға түртки берди.
Өзбекстанда соңғы жыллары ҳаял-қызлардың ҳуқықларын тәмийинлеў ҳәм имканиятларын кеңейтиў бағдарында бир қатар системалы реформалар әмелге асырылмақта.
“Жаңа Өзбекстан – 2030” стратегиясы шеңбериндеги терең реформалар Пекин Ҳәрекетлер платформасы принциплерине сүйенген ҳалда, ҳаял-қызлардың ҳуқықларын қорғаў ҳәм гендер теңлигин тәмийинлеў бойынша сезилерли илгерилеўлерге алып келди. Бул реформалардың тийкары – 2023-жылы қабыл етилген жаңа редакциядағы Конституцияда беккемленген “Инсан қәдири ушын” принципи болып есапланады. Онда Өзбекстан дүньялық, демократиялық ҳәм социаллық бағдарланған мәмлекет сыпатында белгиленген.
Пекин Ҳәрекетлер платформасы ҳаял-қызлардың турмысына тәсир етиўши 12 әҳмийетли тараўды қамтып алған болып, бул бағдарларда бар машқалаларды шешиў арқалы гендер теңликке ерисиў мақсет етилген. Елимизде ҳаял-қызлардың ҳуқықларын тәмийинлеў ҳәм социаллық тараўдың басқа да салаларына байланыслы 100 ге шамалас нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер қабыл етилди. Соның ишинде, 2030-жылға шекем Гендер теңлигин тәмийинлеў стратегиясы ислеп шығылды.

Жаңаланған Конституциямызда ҳаял-қызлар ҳәм ер адамлардың тең ҳуқықлылығы беккемленип, барлық тараўларда тең имканиятлар кепилленди. Мийнет кодексине киргизилген өзгерислер болса халықаралық стандартларға муўапық тең мийнет ҳақы тәмийинлениўине жол ашты.
2019-жылы “Ҳаял-қызлар ҳәм ер адамлар ушын тең ҳуқық ҳәм имканиятлар кепиллиги ҳаққында”ғы нызам қабыл етилди. Шаңарақтағы зорлыққа қарсы гүресиў бойынша нызамшылық жетилистирилди.
Мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлерде, соның ишинде, жеке меншик секторда Ҳаял-қызлар ҳәм ер адамлар ушын тең ҳуқық ҳәм имканиятларды тәмийинлеў мәселелери бойынша мәсләҳәт-кеңес уйымлары, ҳаял-қызлар менен ислесиў бойынша арнаўлы структуралардың жумысы жолға қойылды. Ҳаял-қызлар исбилерменлигин қоллап-қуўатлаў ушын жеңиллетилген кредитлер, грантлар ҳәм билимлендириў курслары енгизилди. Аўыллық жерлерде жумыс орынлары ҳәм кәсип-өнерге оқытыў бағдарламалары әмелге асырылмақта. “Ҳаял-қызлар дәптери” енгизилип, машқалалы категориядағы ҳаял-қызлар менен мақсетли жумыс алып барылмақта.
Билимлендириў системасында гендерге бағдарланған қатнаслардың енгизилгени тең имканиятлар мәдениятына ийе жаңа әўладты таярлаўға хызмет етпекте. Қыз балалар ушын барлық басқыштағы билимлендириў мәкемелерине теңдей кириў имканияты тәмийинленбекте. STEM тараўларында қызлардың қатнасыўы жеделлеспекте. Жәмийетлик ҳәм пуқаралық билимлендириў шеңберинде гендер мәселелерине бағышланған оқыўлар шөлкемлестирилмекте.

Ҳаял-қызлардың қарар қабыл етиўдеги қатнасыўы мәмлекетлик басқарыў системасының турақлы ҳәм тең салмақлы болыўына үлес қоспақта. Усы мақсетте Сайлаў кодексине өзгерислер киргизилип, сиясий партиялардағы ҳаял-қыз талабанлар ушын ең кем квота 30 проценттен 40 процентке шекем арттырылды.
Өзбекстан ҳаял-қызлары мәмлекеттиң жәмийетлик-сиясий турмысында барған сайын белсене қатнаспақта. Бүгинги күнде 2 мыңнан аслам ҳаял басшы лаўазымларында, соның ишинде, 240 и атқарыў ҳәкимияты уйымларында жумыс ислемекте.
Улыўма алғанда, Өзбекстан БМШ ҳәм ЕҚБШ сыяқлы халықаралық шөлкемлер менен биргеликте Пекин+30 процесинде белсене қатнаспақта.
2024-жылы таярланған миллий есабатта мәмлекетимизде әмелге асырылған реформалар, машқалалар ҳәм перспективалы ўазыйпалар ҳәр тәреплеме сәўлелендирилген. Соның менен бирге, мәмлекетте Турақлы раўажланыў мақсетлери (ТРМ), атап айтқанда ТРМ 5 – гендер теңликти тәмийинлеў шеңберинде қосымша бағдарламалар әмелге асырылмақта.
Семинарда Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары – Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар комитетиниң баслығы Зулайҳо Маҳкамованың атап өткениндей, мәмлекетлик уйымлар гендер теңликти тәмийинлеў бағдарында миллий бағдарламалар, стратегиялар ҳәм жол карталарын қабыл етеди. Бул ҳүжжетлер Пекин платформасының тийкарғы принциплерин миллий өзгешеликлерге бейимлестириўге жәрдем береди. Мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлерде көп жумыслар әмелге асырылмақта, жаңадан-жаңа басламалар алға қойылмақта.
Оқыў семинарында “Ҳаял-қызлар ҳәм ер адамлар ушын тең ҳуқық ҳәм имканиятлар кепиллиги ҳаққында”ғы нызамда белгиленген қағыйдалардың орынланыўын толық тәмийинлеў, уйымлараралық тәжирийбе алмасыўды кеңейтиў, табыслы тәжирийбелерди ғалаба ең жайдырыў, мийнет жәмәәтлеринде ҳаял-қызларды жаңа билим, заманагөй қураллар менен тәмийинлеў сыяқлы мәселелер ҳәр тәреплеме додаланды.
Соның менен бирге, мәмлекетлик хызметкерлер арасында гендер мәселелери бойынша хабардарлықты арттырыў, мийнет жумысында гендерге бейимли қатнасларды енгизиў, ҳаял-қызлар ҳәм ер адамлар ушын тең ҳуқықлар менен имканиятлар кепилликлерин тәмийинлеў гендер стратегиясын толық әмелге асырыў ушын мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлер, ҒХҚ, илимий мәкемелер ҳәм жеке меншик сектор менен тығыз бирге ислесиўди әмелге асырыўға үлкен итибар қаратылды.
ӨзА