Сәниятшы өмири – ибрат мектеби

98

Қарақалпақстан көркем өнери ҳәм мәдениятына үлкен үлес қосқан белгили художник, атақлы коллекционер ҳәм көркем өнер музейиниң тийкарын салыўшы Игор Савицкийдиң туўылған күниниң 110 жыллығы кеңнен белгиленди.

Илаж шеңберинде дәслеп уллы көркем өнер ғайраткериниң қәбири зыярат етилди ҳәм оған ҳүрмет көрсетилип, гүллер қойылды. Бул ҳәрекет Савицкий естелигине терең ҳүрмет ҳәм миннетдаршылық көриниси болды.

Буннан соң, И.В.Савицкий атындағы Қарақалпақстан мәмлекетлик көркем өнер музейиниң кинозалында еслеў ушырасыўы шөлкемлестирилди. Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы М.Атамуратов шығып сөйлеп, Савицкийдиң бийбаҳа мийрасы, оның Қарақалпақстан мәденияты ҳәм көркем өнериниң раўажланыўына қосқан үлкен үлеси ҳаққында айтып өтти.

Илаж даўамында тараў ўәкиллери, көркем өнертаныўшылар ҳәм музей хызметкерлери тәрепинен И.Савицкийдиң өмир жолы, дөретиўшилиги ҳәм жоқары пидайылығы ҳаққында шығып сөйледи.  баянатлар тыңланды. Олар онда тек ғана художник сыпатында емес, ал мәдений байлықларды сақлаў ҳәм қәстерлеп сақлаў жолында белсенди гүрескен инсан сыпатында Савицкий образын ашып берди.

Сондай-ақ, «Игор Савицкий дүньясы» деп аталған арнаўлы көргизбеге экскурсия шөлкемлестирилди. Онда мийманлар Савицкийдиң жыйнаған бийбаҳа шығармалары оның коллекционер сыпатындағы жумысы ҳәм көркем өнерге болған шын кеўилден сүйиспеншилиги менен танысыў имканиятына ийе болды.

Илаж қатнасыўшылары бундай еслеў ушырасыўлары жас әўлад ушын ибрат мектеби болып хызмет ететуғынын атап өтип, бундай шахслардың мийрасын қәстерлеп сақлаў ҳәм кеңнен үгит-нәсиятлаў зәрүрлигин айрықша атап өтти.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги