Өзбекстан ҳәм Түркменстан әдиллик министрликлери өз-ара тәжирийбе алмасыўда даўам етеди

174

Түркменстанның Аваза қаласында болып өтип атырған БМШтың теңизге шығыў имканияты жоқ раўажланып атырған мәмлекетлер бойынша конференциясы шеңберинде Өзбекстан Республикасы әдиллик министри Акбар Тошқулов бир қатар әҳмийетли ушырасыўларда қатнасты.

А.Тошқулов форумда шығып сөйлеген сөзинде пуқаралық жәмийетиниң социаллық-экономикалық реформалардағы орны, регионаллық интеграция ҳәм климат турақлылығына ерисиўдеги әҳмийети, сондай-ақ, пуқаралық басламалары арқалы системалы машқалаларды шешиў зәрүрлигин атап өтти.

Пуқаралық жәмийети бул тек ғана бирге ислесиўши емес, ал мәмлекет ҳәм халық арасындағы көпир екени атап өтилди. Әйне пуқаралық басламалары системалы машқалалар ҳаққында биринши болып жар салады, инновацияларды алға қояды ҳәм мәмлекетлерди инсан талапларына жақынластырыўға жәрдем береди. Өзбекстанда бундай басламаларды әмелге асырыў ушын барлық зәрүр шараятлар жаратылған.

Түркменстан әдиллик министри Мереттаган Таганов пенен ушырасыўда 2022-жылы қабыл  етилген бирге ислесиў бағдарламасының табыслы жуўмақланғаны атап өтилди.

Жаңа бағдар жойбары шеңберинде бирге ислесиўди күшейтиўге келисип алынды. Әдиллик системасын санластырыў, жасалма интеллект технологияларын енгизиў, адвокатура ҳәм медиацияның раўажланыўы, юридикалық кадрлар таярлаў бағдарында тәжирийбе алмасылды.

Ушырасыўда, сондай-ақ, Орайлық Азия ҳәм басқа раўажланған мәмлекетлердиң әдиллик уйымлары менен көп тәреплеме бирге ислесиўди кеңейтиў мәселелери де  додаланды.

Н.Абдураимова, ӨзА