Шерали Жўраев атындағы музыка ҳәм көркем өнер жоқары мектеби шөлкемлестириледи

116

Президент қарарына (ПҚ-232-санлы, 28.07.2025-ж.) муўапық, Әндижан қәнигелестирилген көркем өнер мектеби негизинде Шерали Жўраев атындағы музыка ҳәм көркем өнер жоқары мектеби шөлкемлестириледи.

Жоқары мектепте оқыў процеси 2025/2026-оқыў жылынан басланады.

Жоқары мектепке басланғыш музыкалық билимге ийе болған оқыўшылар дөретиўшилик сынақ тийкарында 9-класстан қабыл етиледи.

Оқыў процеси мәмлекетлик грантқа тийкарланған 3 жыллық оқыў бағдарламасы бойынша шөлкемлестириледи ҳәм питкериўшилерге орта арнаўлы кәсиплик билимлендириў ҳаққында мәмлекетлик үлгидеги диплом бериледи.

Жоқары мектептиң қәбилетли питкериўшилери өз оқыўын тийисли бакалавриат тәлим бағдары бойынша жоқары билимлендириў шөлкемлериниң 2-басқышынан даўам еттириўи мүмкин.

Сондай-ақ, жоқары мектепте Шерали Жўраевтың дөретиўшилик бағдары ҳәм жумысы бойынша илимий-дөретиўшилик лабораторияның  жумысы жолға қойылады.

ӨзА