Өзбекстан ҳәм Саудия Арабстаны арасында ҳаўа қатнаўы ҳаққындағы келисим тастыйықланды

135

«Халықаралық шәртнаманы тастыйықлаў ҳаққында»ғы Президент қарары қабыл етилди.

Қарарға  бола, Өзбекстан ҳәм Саудия  Арабастаны  ҳүкиметлери арасында ҳаўа қатнаўы ҳаққындағы келисим тастыйықланды.

Келисимге 2024-жыл  22-октябрь күни Куала-Лумпур қаласында қол қойылған.

Транспорт министрлиги усы халықаралық шәртнаманы әмелге асырыў ушын  жуўапкер ўәкилликли уйым етип белгиленди.

Министрлер Кабинети ҳәм тийисли министрлик ҳәм уйымлардың басшылары усы халықаралық шәртнама күшке  киргеннен кейин белгиленген тәртипте оның қағыйдалары  әмелге асырылыўы үстинен қадағалаўды тәмийинлейди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги