БМШ Бас хаткери Қазақстанға келди

Бирлескен Миллетлер Шөлкеминиң Бас хаткери Антониу Гутерриш Алма-ата қаласына келди. Бул ҳаққында мәлимлеме бирге ислесиўшимиз – “КазИнформ” хабар берди.
Туўысқан мәмлекет жетекшиси Қасым-Жомарт Тоқаев жоқары мәртебели мийманға миннетдаршылық билдирип, Қазақстанның БМШ жумысының тийкары – көп тәреплеме дипломатия ҳәм бирге ислесиў принципине садықлығын атап өтти.

Дүнья жүзилик шөлкемниң басшысы қоңсы мәмлекеттиң халықаралық бирге ислесиўди беккемлеў, Турақлы раўажланыў мақсетин алға қойыўға қосып атырған үлесин атап өтти.

Ушырасыўда БМШтың Орайлық Азия ҳәм Аўғанстан ушын Турақлы раўажланыў мақсетлери бойынша Регионаллық орайының жумыс перспективалары, Шөлкемди реформалаў мәселеси, халықаралық ҳәм регионаллық күн тәртиби, сондай-ақ, басқа да әҳмийетли мәселелер додаланды.
Ўткир Алимов, ӨзА