Транспорт тараўындағы ири жойбарлар бойынша мәлимлеме берилди

Президент Шавкат Мирзиёевқа транспорт тараўындағы ири жойбарлар бойынша мәлимлеме берилди.
Экономика раўажланып, турмыс пәти тезлесиўи менен транспорт байланысларына талап та артып барабереди. Ташкент қаласына авиа жолаўшылар ағымы 2030-жылда 15 миллионға жетиўи күтилмекте. Бирақ оған ҳәзирги аэропорттың қуўатлылығы жетпейди. Қала ишинде жайласқаны себепли оны кеңейтиў имкнияты жоқ.

Сол себепли Ташкент ўәлаятында жаңа халықаралық аэропорт қурыў режелестирилген. Бүгинги күнде жеке-меншик шериклик бойынша сырт ел компанияларының усыныслары көрип шығылмақта.
Презентацияда жуўапкерлер усы ири жойбар бойынша толық мағлыўмат берди.

Соңғы жылларда жол хожалығына да үлкен қаржы ажыратылып, жаңа имаратлар қурылмақта. Автотранспортлар ҳәрекетине қолайлық жаратыў мақсетинде альтернатив жоллар қурылыўы да режелестирилмекте. Бул бойынша инвесторларға тартымлы орталық жаратыў ушын «Автомобиль жоллары ҳаққында»ғы нызам жаңа таллаўда ислеп шығылды.
Усыларға тийкарланып, Ташкент пенен Самарқанд арасында альтернатив тез жүрер магистрал жол қурыў жойбарына бир неше бирге ислесиўши мәмлекетлердиң компаниялары қызығыўшылық билдирген.

Жуўапкерлер олар менен өткерилген сөйлесиўлердиң нәтийжелери ҳәм усыныслары ҳаққында есабат берди.
Мәмлекетимиз басшысы бул стратегиялық инфраструктураларды пуқта ойлап жойбарластырыў ҳәм тезирек әмелий басқышқа өтиў зәрүр екенлигин атап өтти.
ӨзА