Танзила Норбоева: Басшылар үйрениўлерди күтпей, коррупциялық факторларды анықлаў ҳәм сапластырыўы керек

185

Сенат жалпы мәжилисинде нызам үстинлигин тәмийинлеў, әсиресе, коррупцияға жол қоймаў мәселесине айрықша итибар қаратылды.

Сенат Баслығы Танзила Норбоева коррупция – адамларда мийнетке ҳәм дөретиўшиликке болған умтылысты сөндиретуғын, реформаларды артқа тартатуғын иллет екенин атап өтти.

– Бул мәселе Президентимиздиң турақлы итибарында болып, турмыслық коррупцияға қарсы гүресиў ҳәм оның алдын алыў илажлары бойынша презентация менен жеке өзи танысты, – деди Т.Норбоева. – Коррупция жағдайларының ҳәр төрттен үшеўи қала ҳәм районларда турмыслық түрде болып атырғанын атап өтип, бул бағдарда және де қатаң ҳәм системалы илажлар көриў, санластырыўды күшейтиў бойынша әҳмийетли ўазыйпаларды белгилеп берди. Билесиз, ҳәзирги ўақытта Коррупцияға қарсы гүресиў миллий кеңеси Мәмлекет басшысы тәрепинен белгилеп берилген тийкарғы бағдарлар тийкарында аймақлар, тараў ҳәм тармақларда кең көлемли, үйрениў ҳәм таллаўлар алып бармақта. Нәтийжелер тиккелей аймақларда, министрлик, уйымларда көшпели тәризде додаланбақта. Усы күнге шекем Миллий кеңестиң көшпели мәжилислеринде Қарақалпақстан Республикасы, Ферғана, Бухара, Наўайы, Жиззақ, Сырдәрья ўәлаятлары ҳәм Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи, Денсаўлықты сақлаў министрликлери системасындағы жумыслардың жағдайы сын көзқарастан додаланды.

Кең көлемли “жол карталары” қабыл етилди. Исеним билдирилген 100 ден аслам лаўазымлы шахсқа лаўазымынан босатыўға шекемги қатаң илажлар көрилди.

Мақсет – тек ғана сын ямаса кимниңдур жумысына баҳа бериў емес, ал мәсләҳәтлескен ҳалда машқала ҳәм кемшиликлерди сапластырыўдың системалы илажларын белгилеў ҳәм оларды биргеликте әмелге асырыў болып табылады.

Парламент жумысшы топарлары орынларда үйрениў ҳәм таллаўларды даўам еттирмекте. Тез арада қалған аймақларда да додалаўлар өткериледи.

– Тараў, тармақларға келсек, дәслепки басқышта тийкарынан бюджеттен ең көп қаржы алатуғын тараўларға итибар қаратылды,-деди Сенат Баслығы. – Бирақ бул қалған тараўлар, системалар итибардан шетте, дегени емес. Себеби, коррупция анаў ямаса мынаў көринисте қәлеген тараўда ушырасыўы мүмкин. Усы мәнисте, министрликлер, уйымлардың басшылары өз алдына үйрениўлерди күтип отырмастан, еркин түрде тийисли тараўларда коррупциялық факторларды анықлаў ҳәм сапластырыў бойынша жумысларды жеделлестириўи, соның ишинде, Коррупцияға қарсы гүресиў агентлиги менен биргеликте системалы илажлар ислеп шығып, әмелге асырыўы зәрүр. Сенат ҳәм Миллий кеңес бул бағдарда ҳәр қандай жәрдемге таяр.

Н.Абдураимова, ӨзА