Балаларға байланыслы интернет арқалы исленип атырған ҳуқықбузарлықлар ушын жуўапкершилик күшейтиледи

160

Сенат кенгашиниң “Балаларға байланыслы зорлықтың алдын алыў бойынша қосымша илажларды белгилеў ҳаққында”ғы қарары қабыл етилген.

Онда мәлимлеме-коммуникация технологияларынан пайдаланған ҳалда жас өспиримлерге байланыслы исленип атырған ҳуқықбузарлық ушын жуўапкершилик илажларын күшейтиў бойынша Сенат жанында жумысшы топар дүзиў белгиленген.

Усы мақсетте Жаслар, ҳаял-қызлар, мәденият ҳәм спорт мәселелери комитети тәрепинен жуўапкер министрликлер, уйымлардың ўәкиллери, экспертлер, Жаслар парламентиниң ағзаларынан ибарат жумысшы топар шөлкемлестирилди.

Жумысшы топардың тийкарғы ўазыйпасы Интернет тармағы, даркнет, социаллық тармақлар ҳәм басқа да ҳәр қыйлы платформаларда жас өспиримлерге байланыслы исленип атырған ҳуқықбузарлық ушын жуўапкершилик илажларын жетилистириўден ибарат.

Жумысшы топар мәжилисинде интернетте жас өспиримлерге байланыслы исленип атырған ҳуқықбузарлықларды таллаў, жасалма интеллект жәрдеминде жас өспиримлердиң сүўретлерин қәлбекилестириў арқалы оларды қорлаў сыяқлы жағдайларды анықлаў ҳәм ҳуқықый баҳа бериў зәрүрлигине итибар қаратылды. Кибермәканда балалар ҳуқықын қорғаў бойынша системалы илажларды жолға қойыў бойынша алдынғы сырт ел тәжирийбесин үйрениў мәселеси додаланды.

Жумысшы топар ағзаларының пикир-усыныслары тыңланып, усы тийкарда әҳмийетли ўазыйпалар белгиленди.

Н.Абдураимова, ӨзА