Ҳаял­-қызлардың белсендилиги арттырылмақта

159

Елликқала районында жумыссыз ҳаял-қызларды өнерментшиликке тартыў мақсетинде арнаўлы семинар шөлкемлестирилди. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2023-жыл 21-декабрьдеги ПП-209-санлы Пәрманының орынланыўын тәмийинлеў шеңберинде өткерилген илажда районлық Шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар бөлиминиң баслығы А.Юлдашева белсене қатнасты, – деп мағлыўмат береди район ҳәкимлигиниң Мәлимлеме хызмети бөлими.

Семинарды Өнерментшилик аўқамы Қарақалпақстан Республикасы басқармасының бас қәнигеси З.Султанмуратова алып барды.

Бул илажда жумыссыз ҳаял-қызларға өнерментшилик тараўындағы имканиятлар, көнликпелерди раўажландырыў ҳәм бәнтлигине жәрдем бериўге қаратылған мағлыўматлар берилди.

Өнерментшиликке тартыў арқалы ҳаял-қызлардың социаллық белсендилигин арттырыў ҳәм олардың дәрамат дәрегин кеңейтиў мақсет етилген. Бундай илажлар жәмийетте ҳаял-қызлардың экономикалық еркинлигин тәмийинлеўге үлес қоспақта.

Қарақалпақстан хабар агентлиги