Социаллық жәрдем системасына қандай өзгерислер киргизилди?

Социаллық қорғаў миллий агентлиги баспасөз хызметиниң мәлим етиўинше, енди “Ҳаял-қызлар дәптери”, “Жаслар дәптери” ҳәм “Сақаўат ҳәм жәрдем” қорлары арқалы берилетуғын жәрдемлер тек ғана дәптерге киргизилгенлерге емес, ал мүтәж шаңарақларға да бериледи.
Алдынғы әмелиятта “Ҳаял-қызлар дәптери”, “Жаслар дәптери” ҳәм “Сақаўат ҳәм көмек” қорлары арқалы жәрдемлер тек ғана усы дәптерлерге киргизилген пуқараларға берилген. Жәрдемге мүтәж болса да, бул дәптерге киргизилмеген пуқаралар тийисли жәрдем түрлеринен пайдалана алмаған.
Атап өтилиўинше, турақ жай шараятын жақсылаў ҳәм денсаўлығын сақлаў бойынша жәрдемлер кем дәраматлы шаңарақларға да берилиўи мүмкин. Жәрдемлер санластырылған система арқалы – “Бирден-бир миллий социаллық қорғаў” ҳәм “Статистика” мәлимлеме системалары тийкарында әдил бөлистириледи.
Мағлыўмат орнында атап өтиў керек, Министрлер Кабинетиниң усы жыл 23-июльдеги “Ҳаял-қызлар дәптери”, “Жаслар дәптери” ҳәм “Сақаўат ҳәм көмек” қорлары қаржылары есабынан социаллық жәрдем көрсетиў системасын жетилистириў илажлары ҳаққында”ғы қарарына бола, 2025-жыл 15-августқа шекем “Бирден-бир миллий социаллық қорғаў системасы” мәлимлеме системасы арқалы “Сақаўат ҳәм көмек” қоры қаржылары есабынан ваучер тийкарында жәрдем көрсетиў системасын енгизиў режелестирилген.
Сондай-ақ, ҳүжжет пенен Министрлер Кабинетиниң “Ҳаял-қызлар машқалаларын үйрениў ҳәм шешиў системасын буннан былай да жетилистириў илажлары ҳаққында”ғы қарарына өзгерис киргизилди. Оған бола, “Ҳаял-қызлар дәптери” қорынан ҳәр бир үйди оңлаў ушын БЕМниң 50 есесине шекемги (әмелдеги 30 БЕМ орнына) қаржы ажыратылады.
Муҳайё Тошқораева, ӨзА