Россияның Киевке дрон ҳүжими ақыбетинде 6 адам қайтыс болды

Кеше кеште РФның Киевке жиберген ракета ҳәм дронлары кеминде 6 адамның өлимине себеп болды, 50 ден аслам адам жарақатланды.
“Euronews”тиң жазыўынша, ҳаўа ҳүжимлери нәтийжесинде пайтахттағы тоғыз қабатлы жайлардың бири бираз қулап түскен, қутқарыўшылар бүлгиншиликлер астынан жәбирленгенлерди излемекте.

Украина президенти ҳүжимди “тынышлық тилегимизге Россияның жуўабы” деп атады. Киевте 27 мәнзил соққы астында қалды, ең үлкен зыян Соломянский ҳәм Святошинский районларында атап өтилди.
Владимир Зеленский ҳүжимлер Днипро, Польтава, Суми ҳәм Миколайив ўәлаятларында да даўам еткени, жәми 300 дрон ҳәм 8 ракета ушырылғанын айтты.

Бул ҳүжим Трамптың Владимир Путинге қойған келисим бойынша мүддетин 8-августқа қысқартқанынан соң жүз берди. Батыс жетекшилери РФты сөйлесиўлерди созыўда ҳәм жаңа аймақларды басып алыўға урыныўда айыпламақта.
Мусулмон Зиё, ӨзА