Тәнепис – ойлаў дәўири

84

Инсан ҳәрекети көп жағдайларда тоқтаўсыз мийнет ҳәм интеллектуаллық басым менен өтеди. Бирақ тынымсыз мийнет нәтийжелиликти арттырыўдың орнына, керисинше, шаршаў ҳәм пайдасыз ҳәрекетлерге алып келеди. Бундай жағдайларда “тәнепис” түсиниги инсан өмири ҳәм ис-ҳәрекетинде әҳмийетли орын ийелейди. Тәнепис – бул тек ғана дем алыў емес, ал жаңа идеялардың туўылыўы, пикирлерди тәртипке салыў ҳәм руўхый тиклениў дәўири.

XX әсир басларында Түркстан билимлендириў системасында реформа зәрүрлиги күшли болған. Усындай дәўирде жадидшилик ҳәрекетиниң белгили ўәкили, педагог ҳәм ағартыўшы Абдулла Авланий әмелий педагогикалық жумысында өзбек мектеплеринде тәнепис енгизиў басламасын алға қояды. Сол дәўирде диний мектеплерде сабақлар үзликсиз даўам етер, оқыўшылар узақ ўақыт бир орында отырыўға мәжбүр болар, бул болса физикалық ҳәм руўхый шаршаўларга себеп болатуғын еди.

Авлоний заманагөй педагогика ҳәм медицина принциплерин үйренип, оқыўшылардың денсаўлығы, жедел пикирлеўи ҳәм руўхый жағдайын есапқа алған ҳалда, сабақ процесслерине тәнепислер киргизиў керек екенлигин атап өткен. Бул өзбек мектеплеринде биринши мәрте билимлендириў процесиниң инсаныйлық тийкарында шөлкемлестирилиўине тийкар салды. Ол тәнепис арқалы балалардың тек ғана дем алыўын емес, ал физикалық шынығыўын, пикирин жәмлеп алыўын әҳмийетли деп есаплаған.

Тәнепис тек мектеплерде емес, ал заманагөй жумыс барысында да әҳмийетли қуралға айланған. Бул бағдарда Помодоро техникасы нәтийжели мысаллардан бири болып есапланады. Оны исбилермен ҳәм жазыўшы Франческо ислеп шыққан. Техника тийкарында әпиўайы принцип жатады:

25 минутлық қысқа мийнеттен кейин 5 минутлық дем алыс ҳәм бул процесс 3-4 мәрте даўам еткеннен соң 25-30 минутлық үлкен тәнепис алынады. Бул усыл мий жумысының турақлы сергек болыўына, шаршаўдың алдын алыўға ҳәм мотивацияны жоғалтпаўға хызмет етеди. Психологлар бул техниканы “нәтийжели дем алыў қуралы” деп те атайды.

Илимий изертлеўлер соны көрсетеди, тәнепис мийдиң дем алыў режиминдеги активлик тармағын жеделлестиреди. Бул болса, күтилмеген дөретиўшилик пикирлердиң туўылыўы, үйренилген билимлердиң беккемлениўи, руўхый турақлылық ҳәм стресстен шығыў имканиятын жаратады.

Бүгин улыўма билим бериў мектеплери ҳәм жоқары оқыў орынларында тәнепис түсиниги бар. Бирақ бул рәсмий көринистеги тәнепис – яғный, сабақлар арасындағы техникалық үзилис сыпатында қабыл етиледи. Тийкарында болса, тәнепис – мақсетли шөлкемлестирилген дем алыў, пикир алысыў, қысқа пикирлеў, ҳәрекетли жумыс болыўы керек. Көплеген раўажланған мәмлекетлерде дем алыс ўақтында оқыўшылар музыка тыңлайды, бағда жүреди, жеңил спорт шынығыўларын орынлайды ямаса пикирин күнделикке жазып алады. Бул болса оларда өмирди басқарыў көнликпеси, өзин тыңлаў мәденияты ҳәм саламат психологиялық орталықты қәлиплестиреди.

Тәнепис бүгин психология, педагогика ҳәм турмыслық табыс кесилиспесинде турған гилт болып есапланады. Авланий өз дәўиринде бул гилтти бизге усынған. Бүгин болса оны заманагөй түрде қолланып, Помодоро техникасы, санлы тазалаў сыяқлы усыллар менен байытыў ҳәм турмысымызға енгизиў өз қолымызда. Себеби, тоқтаў – бул артқа қайтыў емес, ал алға умтылыўға күш топлаў. Ҳәр бир сабақта, ҳәр бир мийнетте, ҳәр бир турмыслық гүресте дурыс шөлкемлестирилген тәнепис – бизди және де турақлы етеди.

Дилдора ДЎСМАТОВА,

ӨзА