Европа мектеплеринде қайсы шет тиллери үстинликке ийе? (+видео)

100

Европа Аўқамы мектеплеринде инглис тили елеге шекем ең көп оқытылатуғын шет тили сыпатында жетекшиликти сақлап келмекте. Бул тил тек ғана улыўма билим бериў мектеплеринде емес, ал кәсип-өнер оқыў орынларында да тийкарғы әҳмийетке ийе. Сондай-ақ, испан ҳәм немис тиллери де оқыў бағдарламаларында кейинги орынларды ийелеген. Статистикалық мағлыўматларға бола, ЕАдағы орта мектеп оқыўшыларының 60 проценти еки ҳәм оннан артық шет тиллерин мәжбүрий оқыў бағдарламасы тийкарында өзлестиреди. Бирақ бул көрсеткиш кәсип-өнер мектеплеринде бираз төмен – дерлик 35 процент әтирапында. Қаншелли бәсеки болмасын, Европа Аўқамы мектеплеринде ҳәзирше инглис тилиниң орны тийкарғы болып қалмақта.

Европадағы улыўма билим бериў мектеплеринде инглис тилинен кейинги ен белгили тил испан тили. Оннан кейин немис, француз ҳәм итальян тиллери көп оқытылады. Кәсип-өнер мектеплеринде бул жағдай бираз басқаша. Бул жерде улыўма билим бериў мектеплериндегидей инглис тилинен кейин испан тили емес, негедур немис тили екинши орында турады. Оннан кейин француз ҳәм басқа тиллер бар.

Қызығы сонда, қытай тили европалы студентлер арасында еле кең тарқалмаған – жәми 0,5 процент студент ғана бул тилди үйренбекте. Қытай тилине қызығыўшылық көбирек Франция, Люксембург ҳәм Италияда бақланбақта.

Шет тиллерине болған итибар мәмлекетлерге қарай өзгешеленеди. Айырым мәмлекетлерде шет тиллерин үйрениў турмыс тәризине айланған. Мәселен, Франция, Румыния, Чехия, Словакия, Эстония ҳәм Люксембург сыяқлы мәмлекетлерде орта мектеп оқыўшыларының дерлик барлығы еки ямаса оннан көп тилди өзлестириў имканиятына ийе. Бул мәмлекетлерде көп тиллилик миллий сиясат дәрежесине көтерилген. Бирақ Португалия, Ирландия, Испания ҳәм Италия сыяқлы мәмлекетлерде бул көрсеткиш бираз төмен.

Кәсипке бағдарланған билимлендириўдеги жағдай болса басқаша. Румыния бул бағдарда жетекши болып, кәсип-өнер мектеби оқыўшыларының дерлик барлығы, яғный 97 проценти еки ямаса оннан артық тилди үйренбекте. Бул бағдарда Финляндия ҳәм Польша да жақсы нәтийжелер көрсеткен. Бирақ Мальта, Греция, Дания ҳәм Испанияда кәсиплик билимлендириўде тил үйрениў имканиятлары бираз шекленген – бул жерлерде еки тилди билетуғын студентлердиң үлеси дерлик жоқ.

 

Кенжа Бекжонов,

Анвархўжа Аҳмедов,

ӨзАның хабаршылары