Өзбекстан ҳәм Қытай арасындағы стратегиялық шериклик ШБШ шеңберинде беккемленбекте

Өзбекстанның соңғы жылларда ашық-айдынлық, өз-ара ҳүрмет ҳәм прагматизм тийкарында әмелге асырып атырған жедел сыртқы сиясаты, регион мәмлекетлери менен дослық ҳәм бирге ислесиў руўхы халықаралық майданда жуўапкершиликли ҳәм белсенди қатнасыўшы сыпатында жоқарылаўына себеп болмақта.
Мине, усы тәреплерине бола, бүгинги күнге келип Қытай Өзбекстанның ең ири сыртқы саўда шеригине айланды. 2024-жылы еки мәмлекет арасындағы саўда көлеми 12,4 миллиард доллардан артты.
Қытайдың Хенан провинциясы орайы Чжэнчжоу қаласында Шанхай бирге ислесиў шөлкеми (ШБШ) медиа ҳәм таллаў орайларының саммити болып өтти. Синхуа мәлимлеме агентлиги, Синхуа институты, Қытай социаллық илимлер академиясы ҳәм Хенан ўәлаяты ҳүкимети тәрепинен шөлкемлестирилген абырайлы илажда “Раўажланыў стратегиясы” орайының атқарыўшы директоры Элдор Туляков қатнасты.
30 ға шамалас мәмлекеттен 400 ден аслам таллаў орайлары, сиясий топарлар ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасқан саммитте ШБШның өзгерип атырған дүньядағы роли ҳәм биргеликтеги турақлы раўажланыў мәселелери додаланды.
Соның ишинде, орай басшысы Элдор Туляков “Өзбекстан – Қытай стратегиялық бирге ислесиўи ҳәм ШБШның және де өз-ара байланыслы дүнья қурыўдағы орны” атамасында баянат пенен шықты, делинеди “Раўажланыў стратегиясы” орайының мағлыўматында.
Элдор Туляков өзиниң шығып сөйлеген сөзинде Өзбекстан ҳәм Қытай арасында раўажланып атырған стратегиялық шериклик қатнасықлары, ШБШ шеңбериндеги бирге ислесиўдиң беккемлениўи, Қытай ҳәм ШБШның глобал байланыслылық, саўда ҳәм турақлы раўажланыўды алға қойыўдағы орнына итибар қаратты.
Саммит шеңберинде “Раўажланыў стратегиясы” орайының басшысы ҳәм илажда қатнасып атырған сырт ел шөлкемлери және дүньяның жетекши ақыл орайлары арасында әмелий нәтийжелерге бай болған бир қатар ушырасыў ҳәм сөйлесиўлер өткерилди.
Абдулазиз РУСТАМОВ,
ӨзАның хабаршысы