Мирза Улуғбектиң “Улуғбек зижи” шығармасы биринши мәрте өзбек, рус, инглис ҳәм қытай тиллеринде басып шығарылды

Өзбекстан Илимлер академиясы Әбиў Райхан Беруний атындағы Шығыстаныў институтының илимпазлары тәрепинен “Улуғбек Зижи” (“Зижи жадиди Кўрагоний“) шығармасы биринши мәрте өзбек, рус, инглис ҳәм қытай тиллеринде басып шығарылды, деп хабар береди “Дунё” АА хабаршысы.
Өзбекстан Илимлер академиясы баспасөз хызметиниң жазыўынша, бул тарийхый китап XV әсирдиң уллы астроном илимпазының шығармасы болып, Әмир Темурдың ақлығы, Маўереўннахр султаны Мырза Улығбек (1394-1449) басшылығындағы бир топар илимпазлар тәрепинен жаратылған.
Шығарма төрт бөлимнен ибарат болып, бириншисинде хронология ҳәм календарьлар, түрли халықлардың жыл есабы, екинши бөлимде сфералық астрономия ҳәм математикалық география мәселелери және математикалық ҳәм географиялық кестелер берилген. Үшинши бөлим планеталар ҳәрекети ҳәм жулдызлар астрономиясына бағышланған болып, онда 1014 жулдыздың каталогы келтирилген. Төртинши бөлим астрология, яғный жулдызлар болжаўы тәрийпине байланыслы.
Қарақалпақстан хабар агентлиги