Өзбекстан Республикасы Суў кодекси тастыйықланды

99

Нызам менен (ӨРН-1076-санлы, 30.07.2025-ж.) Өзбекстан Республикасының Суў кодекси тастыйықланды.

Кодекс суў, суў объектлери, суў хожалығы объектлери ҳәм суў қоры жерлеринен ақылға уғрас пайдаланыў және оларды қорғаў тараўындағы қатнасықларды тәртипке салады.

Кодекске бола, суў улыўма миллий байлық болып, оннан ақылға уғрас пайдаланыў керек ҳәм ол мәмлекет тәрепинен қорғалады.

Суўдан пайдаланыў улыўма ҳәм арнаўлы пайдаланыўға бөлинеди.

Суў объектлериниң категорияларына төмендегилер киреди:

– Өзбекстанның жер үсти ҳәм жер асты суў объектлери;

– Өзбекстанда жайласқан ҳәм оның аймағын кесип өтетуғын трансшегаралық жер үсти ҳәм жер асты суў объектлери.

Суў объектлери жеке яки биргеликте пайдаланыўда болыўы мүмкин.

Суў ресурсларын басқарыўда қарарлар қабыл етиў мақсетинде республика ҳәм бассейнлер, зәрүр жағдайларда аймақлар дәрежесинде коллегиал-мәсләҳәт уйымы түринде суў кеңеслери шөлкемлестириледи.

Буннан тысқары, Министрлер Кабинети жанында Республикалық суў кеңеси шөлкемлестириледи.

Нызам рәсмий жәрияланған күннен 3 ай өткеннен кейин күшке киреди.

Кодекске бола, суў объектлери турақлы яки ўақтынша пайдаланыўға, соның ишинде, мәмлекетлик-жеке меншик шериклик ҳаққындағы келисимлер тийкарында пайдаланыўға бериледи.

Суў объектинен ўақтынша пайдаланыў мүддети 3 жылдан кем болмаўы ҳәм 49 жылдан аспаўы керек.

Суўдан улыўма пайдаланыўға төмендегилер киреди:

– өзиниң ишимлик ҳәм хожалық-турмыслық мүтәжликлери ушын суў алыў;

– шомылыў;

– шарўа малларын суўғарыў;

– спорт ҳәм ҳәўескерлик жолы менен балық аўлаў.

Суўдан улыўма пайдаланыў руқсатсыз ҳәм шеклеўлерсиз әмелге асырылады.

Суўдан арнаўлы пайдаланыў Кодексте белгиленген жағдайларда руқсатнама тийкарында әмелге асырылады.

Сондай-ақ, суў сервитуты төмендеги мақсетлерде белгилениўи мүмкин, соның ишинде:

– суўдан улыўма пайдаланыў;

– пуқаралар ҳәм транспорт қуралларының өтиўи;

– ҳайўанларды суўғарыў ҳәм шарўа малларын айдап өтиў;

– жаға бойы зоналарынан еркин пайдаланыўды ҳәм оннан өтиўди тәмийинлеў.

Суў сервитуты улыўма ҳәм жеке суў сервитуты формасында болыўы мүмкин,-деп мәлимлеме береди xabar.uz сайты.

Қарақалпақстан хабар агентлиги