Педагоглар ҳәм қәбилетли оқыўшыларды дем алыў орынларына қабыллаў тәртиби белгиленди

Ҳүкимет қарары менен “Өзбекстан Республикасы Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги системасындағы дем алыў орынларына дем алыўшыларды қабыл етиў тәртиби ҳаққында”ғы реже тастыйықланды.
Режеге бола, орынларға жолламалар жыл даўамында берилип, ол жерде дем алыс 12 күнлик күн тәртиби тийкарында әмелге асырылады.
Дем алыс ҳәр жылы төмендеги мүддетлерде шөлкемлестириледи:
- Мектепке шекемги ҳәм мектеп билимлендириўи министрлиги системасы хызметкерлери ҳәм алдынғы педагоглар ушын – сентябрь-май айларында;
- қәбилетли оқыўшылар ушын – июнь-август айларында.
Ҳәр бир аймақта орынларға дем алыўшыларды таңлап алыў ушын комиссиялар шөлкемлестириледи.
Комиссиялар тәрепинен орынларға 7-14 жастағы қәбилетли оқыўшылар белгиленген өлшемлер тийкарында таңлап алынады.
Сондай-ақ, дем алыў орнына төмендеги алдынғы педагоглар таңлап алынады:
- халықаралық олимпиадалар жеңимпазларын таярлаған муғаллимлер;
- муғаллим болып ислеп атырган халықаралық олимпиадалар жеңимпазлары;
Шет тили ҳәм STEAM пәнлеринен қәнигелиги бойынша халықаралық сертификатларға ийе муғаллимлер;
- тийкарғы олимпиадалардың республика басқышы жеңимпазларын таярлаған муғаллимлер;
- республикалық басқыштағы таңлаўларда сыйлы орынларға ийе болған муғаллимлер;
- жоқары ҳәм 1-қәнигелик категориясына ийе баслаўшы класс муғаллимлери, мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлериниң педагоглары;
- тийкарғы олимпиадалардың ўәлаят басқышы жеңимпазларын таярлаған муғаллимлер.
Белгиленген нормалар бойынша дем алыўшыларға избе-излик тийкарында жолламалар бериледи,-деп мәлимлеме береди xabar.uz сайты.
Қарақалпақстан хабар агентлиги