Улыўма миллий аўызбиршиликти беккемлеў – Жаңа Өзбекстанды раўажландырыўдың әҳмийетли тийкары

76

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң басламасы тийкарында Миллетлераралық қатнасықлар ҳәм сырт елдеги ўатанласлар мәселелери бойынша комитет тәрепинен елимизде жоқары руўхта, жоқары дәрежеде өткерилип атырған “Дослық” фестивалы Өзбекстанымызда тынышлық, татыўлық, мийрим-шәпәәт ең жоқары қәдирият екенин және бир мәрте дүньяға көрсетпекте.

 Усы фестиваль шеңберинде пайтахтымызда “Улыўма миллий аўызбиршиликти беккемлеў – Жаңа Өзбекстанды раўажландырыўдың әҳмийетли тийкары” атамасында халықаралық конференция шөлкемлестирилди.

Бул абырайлы әнжуманға сенаторлар, депутатлар, миллий мәдений орайлардың белсендилери, халықаралық шөлкемлер ҳәм дипломатиялық корпус ўәкиллери, көплеген сырт ел шөлкемлериниң илимпаз ҳәм экспертлери, қәнигелери мирәт етилди.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Халықлар дослығы күни мүнәсибети менен байрам қутлықлаўын Өзбекстан Республикасы Президентиниң кеңесгөйи Руслан Давлетов оқып еситтирди.

Бәршемиз ушын әзиз ҳәм қәдирли болған Ўатанымыз мине, усы тийкарда инсан қәдири ҳәм бахты улығланатуғын шын мәнисиндеги тынышлық, дослық ҳәм мийрим-шәпәәт үлкесине айланып бармақта. Өз турмысы, тәғдирин Өзбекстан менен тығыз байланыстырған түрли миллет ҳәм халық ўәкиллери елимизде болып атырған жаңаланыў процесслеринде белсене қатнаспақта.

Илажда шығып сөйлеген Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасының депутаты Нодира Жонибекова, Республикалық тәжик миллий мәдений орайының баслығы Гуландом Субҳонова, Республикалық рус миллий мәдений орайының баслығы Сергей Миронов, “Өзбекстан – Литва” дослық жәмийетиниң баслығы Туробжон Садриддинов мәмлекетимиз басшысының сәне мүнәсибети менен қутлықлаўы халқымызға өзгеше қуўаныш ҳәм көтериңки кейпият бағышлағанын, мәмлекетимизде миллетлераралық дослықты беккемлеў бағдарындағы ийгиликли жумыслар жаңа шеклерди ийелеўге ийтермелеп атырғанын атап өтти.

Конференцияда Өзбекстан Республикасы Миллетлераралық қатнасықлар ҳәм сырт елдеги ўатанласлар мәселелери бойынша комитетиниң баслығы Қаҳрамон Сариев Өзбекстан халқы әзелден өзиниң кеңпейиллиги, түрли миллет ҳәм халықлар, диний конфессия ўәкиллери менен өз-ара аўызбиршиликте жасап киятырғанын атап өтти.

– Кейинги жылларда миллетлераралық қатнасықлар, инсан қәдирин улығлаў, жәмийетлик турмысты жедел раўажландырыў бағдарындағы ийгиликли жумыслар Өзбекстанның дүнья жәмийетшилигиндеги абырайы ҳәм мәртебесин барған сайын арттырмақта, – деди Миллетлераралық қатнасықлар ҳәм сырт елдеги ўатанласлар мәселелери бойынша комитет баслығы Қаҳрамон Сариев. – Халықлар дослығы күни тек ғана бир күн емес, ал “Дослық” байрамы сыпатында кеңнен белгиленип атырғаны мәмлекетимизде тилеклеслик, аўызбиршилик, мийрим-шәпәәт орталығын беккемлеўге жәмийетлик, мәмлекетлик раўажланыўдың тийкарғы тәрепи сыпатында итибар қаратылмақта.

– Сырт мәмлекетлерде жасап атырған өзбеклер улыўма өзбек мәдениятын раўажландырыўға үлкен үлес қоспақта, – деди Қазақстан Республикасы бойынша этномәдений бирлеспе баслығы Икромжон Ҳошимжонов. – Өзбекстан сырт елдеги ўатанласларымызды қоллап-қуўатлаўдан мәпдар. Ҳәзирги ўақытта сырт елдеги өзбекстанлылар да мәмлекет имиджин көтериўге өз үлесин қоспақта. Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң “Миллетлераралық татыўлықты беккемлеў” жолындағы ийгиликли ҳәрекетлери дыққатқа ылайық.

Бир сөз бенен айтқанда, бул халықаралық конференцияда мәмлекетимизде миллетлераралық аўызбиршилик, дослық ҳәм татыўлықты көздиң қарашығындай қәстерлеп сақлаў бағдарындағы ийгиликли ис-ҳәрекетлер жоқары баҳаланды, бул бағдардағы ийгиликли ислер дүньяның көплеген мәмлекетлери ушын өрнек екени айрықша атап өтилди.

Назокат Усмонова, ӨзА хабаршысы