Экономикада хызмет көрсетиў тараўының үлеси қай дәрежеде?

119

Қарақалпақстан Республикасы Статистика басқармасы Өзбекстан Республикасы Президенти хəм Ҳукиметиниң исбилерменликти раўажландырыў, олардың ҳуқықлары менен мəплерин қорғаўды күшейтиў бойынша қабыл еткен пәрман ҳəм қарарларының орынланыўын тəмийинлеўге қаратылған Мəмлекетлик статистика комитетиниң комплексли илажлар режесине муўапық өз жумысларын әмелге асырып келмекте.                     

– Өзбекстан Республикасында хызметлер тараўын раўажландырыў бойынша баслы бағдарлар ҳəм ўазыйпалар белгиленген,-дейди Статистика басқармасы  Хызметлер ҳәм саўда статистикасы бөлиминиң баслығы Бахтияр Тажибеков.

Яғный, хызметлер тараўын раўажландырыўдың есабынан жалпы ишки өнимди көбейтиў, аўыллық жерлерде хызметлерди раўажландырыў, инженерлик-коммуникациялық, жол транспорт инфраструктурасын раўажландырыў, тармақларда заманагөй мәлимлеме-коммуникациялық технологияларды енгизиў есабынан хызметлер тараўын, қурамалы өзгерислерди жедел раўажландырыў ушын шараятлар жаратыў, конкуренция орталығын қəлиплестириў, киши ҳəм жеке исбилерменлик субъектлерин раўажландырыўға жәрдемлесиў сыяқлы ўазыйпалар ҳәм бағдарлар белгиленди. Сондай-ақ, ҳәр қыйлы инновациялық хызметлерди, жаңа байланыс қуралларын көбейтиў, халықтың телекоммуникация тармақларынан пайдаланыўы бойынша техникалық имканиятларын тəмийинлеў, солардың тийкарында сапалы хызметлер көрсетиў, телефон байланысы ҳəм телевидениениң санлы системасына толық өтиў,  байланыс хəм мәлимлемелестириўдиң республика экономикасындағы үлесин көбейтиў, ең жаңа электрон, төлем технологияларын енгизген ҳалда қаржы хызметлерин раўажландырыў, денсаўлықты сақлаў тараўында жоқары технологиялық хызметлерди жəне де раўажландырыў да усыған киреди.

Республикамызда 2025-жылдың январь-июнь айлары жуўмағы менен көрсетилген жәми хызметлердиң көлеми 15 трлн. 351,5 млрд. сум болып, өсим пәти 2024-жылдың усы дәўирине салыстырғанда 110,7 процентти қурады.

Хызметлер көлеминдеги киши бизнес ҳəм жеке исбилерменлик субъектлериниң үлеси 72,4 процентти қурады. Жыл басынан халықтың жан басына  7543,0 мың сумлық  хызметлер  көрсетилген.

Жәми көрсетилген хызметлер көлеминде үлкен үлести төмендеги хызмет түрлери қурайды:

  1. Турмыслық ҳəм аўқатланыў хызметлери 5434,3 млрд. сум, үлеси 35,4 %
  2. Транспорт хызметлери 2107,1 млрд. сум, үлеси 13,7 %
  3. Саўда хызметлери 2441,3 млрд. сум, үлеси 15,9 %
  4. Финанслық хызметлер 1967,6 млрд. сум, үлеси 12,8 %
  5. Байланыс ҳәм мәлимлеме хызметлери 610,0 млрд. сум, үлеси 4,0 %
  6. Билимлендириў тараўындағы хызметлер 575,7 млрд. сум, үлеси 3,8 %
  7. Жеке хызметлер 435,3 млрд. сум, үлеси 2,8 %
  8. Компьютерлерди оңлаў бойынша хызметлер 388,6 млрд. сум, үлеси 2,5 %

Бул көрсеткишлер хызметлер тараўыныӊ экономикамызда тутқан орны оғада әҳмийетли екенлигин көрсетип турыпты.

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги