Пенсия системасы қалай ислейди? Анық ҳәм әпиўайы түсиник

97

Бүгинги күнде пенсия системасы бойынша пуқаралар арасында түрли сораўлар тез-тез ушырасып турыпты.

Көпшилик жағдайларда рәсмий ҳүжжетлердеги қурамалы атамалар ҳәм есап-санақлар адамларға түсиниксиз болып қалмақта, нәтийжеде надурыс талқылаўлар ҳәм түсинбеўшиликлер жүзеге келмекте. Сол себепли, биз Пенсия қоры тәрепинен усынылған мағлыўматларға тийкарланып, пенсия есап-санақлары ҳәм оған байланыслы тәртиплерди пуқараларға және де түсиникли ҳәм әпиўайы тилде түсиндириўди мақсет еттик.

Өзбекстан Республикасында пенсия еки түрли жол менен бериледи:

  1. Мәмлекетлик пенсия,
  2. Топланып барылатуғын пенсия.
  3. Мәмлекетлик пенсия (“солидар” пенсия системасы) – Бул пенсия пуқаралардың ислеген жыллары (жумыс стажы) ҳәм алған айлығына қарап белгиленеди. Бул Пенсия қоры қаржылары есабынан қаржыландырылатуғын пенсия системасы болып, онда ислеп атырған халық (яғный белсенди мийнет етип атырған шахслар) тәрепинен төленетуғын мәжбүрий социаллық салықлар (пенсия төлемлери) есабынан пенсия жасына жеткен яки майыплық себепли мийнетке жарамсыз болған шахсларға пенсия төленеди.
  4. Топланып барылатуғын пенсия – бул хизметкердиң айлығынан мәжбүрий түрде 0,1% ажыратылып, усы ажыратылган қаржы Халық банкинде ониң атына өз алдына топланып барылады. Кейин ала, хызметкер пенсияға шыққаннан соң усы жыйналған пулларын бир мәрте бөлип-бөлип алыў ҳуқықына ийе.

Сондай-ақ, ҳәр бир пуқара қәлесе, өз қәлеўи бойынша топланатуғын пенсиясына ықтыярлы түрде қаржы ажыратып, келешектеги усы пенсиясын көбирек етип барыўы мүмкин.

Пенсия ҳуқықына кимлер ийе?

Өзбекстан Республикасы Конституциясының 46-статьясына муўапық, ҳәр бир пуқара төмендеги жағдайларда мәмлекеттен социаллық жәрдем (пенсия яки напақа) алыў ҳуқықына ийе:

  • қартайғанда,
  • ислей алмайтуғин дәрежеде майып болып қалса,
  • жумыс таба алмай жумыссыз қалса,
  • шаңарақтың бағыўшысы қайтыс болса,
  • яки басқа нызам менен белгиленген жагдайларда.

Пенсияның түрлери:

  • 1993-жылы қабыл етилген нызам бойынша, пуқараларға үш түрли жағдайда пенсия тайынланады:
  1. Жасы бойынша пенсия.
  • Еркеклер: 60 жасқа толғанда ҳәм кеминде 25 жыл ислеген болса.
  • Ҳаяллар: 55 жасқа толғанда ҳәм кеминде 20 жыл ислеген болса.
  • Егер жумыс стажы кеминде 7 жыл болса, онда пенсия толық болмаған муғдарда тайынланады.
  1. Майыплық пенсиясы.
  • Бул пенсия I яки II топар майыплығы болған шахс деп табылған пуқараларға бериледи.
  • Майыплық белгиленгенде, төмендеги жумыс стажы болыўы шәрт:
  • 23 жасқа шекем – кеминде 2 жыл,
  • 23-26 жасқа шекем – кеминде 3 жыл,
  • 26-31 жасқа шекем – кеминде 5 жыл,
  • 31-36 жасқа шекем – кеминде 7 жыл,
  • 36-41 жасқа шекем – кеминде 9 жыл,
  • 41-46 жасқа шекем – кеминде 11 жыл,
  • 46-51 жасқа шекем – кеминде 14 жыл,
  • 51-56 жасқа шекем- кеминде 17 жыл,
  • 56 жастан үлкенлерге – кеминде 20 жыл.

Пенсия қалай есапланады?

Пенсия муғдары 3 тийкарғы бөлимнен ибарат:

Пенсияның базалық муғдары (ПТМ) – бул сизиң орташа мийнет ҳақыңыздың 55 проценти.

Артықша стаж ушын қосымша (АС) – зәрүр жумыс стажынан артық ҳәр бир жыл ушын пенсияға орташа мийнет ҳақының 1% муғдарында қосымша төлем қосылады. (Егер сиз бағыўшысыз қалган болсаңыз – 0,5%).

Үстемелер (ПҮ) – егер сизде арнаўлы атақ (мәселен, “Өзбекстанға хызмет көрсеткен муғаллим”) болса, пенсияға қосымша төлем бериледи.

Мысалы: Пуқара (еркек):

Жумыс стажы – 40 жыл

Соңғы 10 жылдағы ең жақсы 5 жыллық орташа айлық мийнет ҳақысы – 4,5 млн сум

Атағы – “Өзбекстанға хызмет көрсеткен муғаллим”

Пенсия төмендегише есапланады:

  1. Таяныш муғдар:

4,5 млн сум × 55% = 2 475 000 сум;

  1. Артықша стаж ушын (25 жыл талап етилген, ол болса 40 жыл ислеген):

15 жыл × 1% = 15%;

4,5 млн сўм × 15% = 675 000 сўм.

  1. Үстемелер (412 мың сум БЕМ × 160%) = 659 200 сум.

Жәми пенсия:

2 475 000 + 675 000 + 659 200 = 3 809 200 сум.

Еслетпе:

Пенсияны есаплаўда мийнет ҳақының максимал муғдары шекленген: 5 652 000 сумнан артық есапқа алынбайды.

Алдынғы жылларда алынған мийнет ҳақы инфляция коеффициенти тийкарында заманагөйлестириледи.

Ең кем пенсия – минимал тутыныў қәрежетлеринен аз болмаўы шәрт.

Мағлыўмат ушын, усы жылдың 1-июль жағдайына пенсия алыўшылар саны 4 202,5 мыңды қурайды. Соннан, Жасқа байланыслы пенсия – 3 477,9 мың;

Майыплық пенсиясы – 475,5 мың;

Бағыўшысын жойытқанлық пенсиясы – 249,1 мың адам.

Бул жәми халықтың 11 процентин қурайды.

Пенсионерлердиң саны 2025-жыл 1-июль жағдайына өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда 98,1 мыңға (яки 2,4 процентке) артқан. 2024-жылы жәми 306,0 мың пенсия жаңадан тайынланған.

Соннан, Жасқа байланыслы пенсия – 242,7 мың;

Майыплық пенсиясы – 44,5 мың адам;

Бағыўшысын жойытқанлық пенсиясы – 18,8 мың адамды қураған.

ӨзА