Өзбекстан ҳәм Россия Омбудсманлары бирге ислесиў бойынша “Жол картасы”на қол қойды

Инсан ҳуқықларын қорғаў, оның қәдир-қымбатын қәстерлеп сақлаў, пуқаралардың мүрәжатларын шешиў ең әҳмийетли бағдарлардан бири болып есапланады. Бул бағдарда елимизде кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта. Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Инсан ҳуқықлары бойынша ўәкили (Омбудсман), Балалар Омбудсманы, Бизнес Омбудсман сыяқлы институтлар инсан ҳуқықлары менен мәплерин қорғаўда бир қатар ҳәрекетлерди әмелге асырмақта.
Бүгин Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Инсан ҳуқықлары бойынша ўәкили (Омбудсман) аппаратында “Инсан ҳуқықлары ҳәм еркинликлерин қорғаўда инсан ҳуқықлары бойынша миллий институтлар менен бирге ислесиўди беккемлеў” атамасында халықаралық дөгерек сәўбети болып өтти.
Оған бир қатар шөлкем ҳәм уйымлардың ўәкиллери менен бирге, Россия Федерациясы Инсан ҳуқықлары бойынша ўәкили, ҒМДА Инсан ҳуқықлары бойынша комиссиясының баслығы Татьяна Москалькова да қатнасты. Илажда инсан ҳуқықлары менен еркинликлерин қорғаўда халықаралық бирге ислесиўди кеңейтиў, инсан ҳуқықлары бойынша миллий институтлар менен байланысларды беккемлеў ҳәм өз-ара тәжирийбе алмасыў ҳаққында сөз болды.

Олий Мажлистиң Инсан ҳуқықлары бойынша ўәкили (Омбудсман) Феруза Эшматова мәмлекетимизде жаңаланған Конституциямыз тийкарында инсан қәдирин улығлаў, ҳуқықларын қорғаў бағдарында алып барылып атырған реформаларға тоқтап өтти.
Өз гезегинде, Татьяна Москалькова инсан ҳуқықларын қорғаў бағдарында Өзбекстанда алып барылып атырған жумыслардың нәтийжелилигин, халықаралық майдандағы басламаларын атап өтти. Соның менен бирге, ҒМДА мәмлекетлери шеңберинде инсан ҳуқықлары, әсиресе, жаслар ҳәм ҳаял-қызлардың ҳуқықларын қорғаў бойынша кең форматтағы жумыслар алып барылып атырғанын атап өтти. Сондай-ақ, өз жумысының тийкарғы бағдарлары ҳәм ерисилген нәтийжелери ҳаққында мағлыўмат берди. Инсан ҳуқықларын қорғаў, соның ишинде, мүрәжатлар менен ислесиў, жазаны орынлаў мәкемелеринде мониторинг алып барыў ҳәм инсаныйлық қатнасты раўажландырыў бағдарындағы әмелий тәжирийбеси менен ортақласты.
Сөйлесиў барысында инсан ҳуқықлары бойынша миллий институтлардың мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары менен өз-ара қатнасықлары, жәмийетлик қадағалаў, қамақтағылар, мигрантлар ҳәм майыплығы болған шахслардың ҳуқықларын тәмийинлеўдеги механизмлер, мүрәжатларды көрип шығыў әмелияты ҳәм пуқараларға жақынласыў сыяқлы мәселелер додаланды.


Атап өтилгениндей, Омбудсман институты соңғы жылларда пуқаралардың ҳуқықлары менен еркинликлерин қорғаўда тәсиршең ҳәм әмелий шешим усына алатуғын миллий механизм сыпатында қәлиплести. 2025-жылдың биринши ярым жыллығында пуқаралар, сырт мәмлекет пуқаралары ҳәм шөлкемлерден жәми 9 мың 800 ден аслам мүрәжат келип түскен, мәмлекетлик уйымларға 100 ден аслам тәсир илажлары – усыныс хатлары, талапнамалар ҳәм шағымлар киргизилген. Пуқаралардың мәпи жолында 3,8 миллиард сумнан аслам материаллық қаржы өндирилиўи тәмийинленген. Сондай-ақ, Омбудсман ҳәм оның жанындағы Жәмийетшилик топарлары тәрепинен арнаўлы қабыллаўхана, ўақтынша сақлаў ҳәм тергеў қамақханалары, бөлим, жазаны орынлаў ҳәм мәжбүрий емлеў мәкемелерине 491 мәрте мониторинг сапарлары әмелге асырылған болып, бул 2024-жылдың сәйкес дәўиринде 452 мәрте болған.
– ҒМДА мәмлекетлери инсан ҳуқықлары тараўында бирге ислесиў байланысларын беккемлеўге айрықша итибар қаратып келеди, – дейди Олий Мажлистиң Инсан ҳуқықлары бойынша ўәкили (Омбудсман) мәлимлеме хызметиниң басшысы Фотима Мадраҳимова. – Бүгинги илаж шеңберинде Россия Федерациясы Инсан ҳуқықлары бойынша ўәкили, ҒМДА Инсан ҳуқықлары бойынша Комиссиясы баслығы басшылығындағы ўәкиллер Өзбекстан Омбудсманы жумысы менен танысыў менен бир қатарда жазаны орынлаў мәкемелериниң жумысы, оларда жаратылған шараятлар менен де жақыннан танысты. Өзбекстан тәжирийбесин үйрениў бойынша усынысларын билдирди. 2019-жылы Россия Федерациясы Инсан ҳуқықлары бойынша ўәкили менен меморандумға қол қойылған болса, өткен дәўир даўамында Омбудсманның Россияға сапарлары даўамында ол жердеги жабық мәкемелерге түсип қалған Өзбекстан пуқаралары менен ушырасыўлар өткерилди, мүрәжатлар тыңланып, шешилген. Бүгинги ушырасыў даўамында да бул бағдардағы бирге ислесиўди және де беккемлеў мақсет етилген.
Дөгерек сәўбети жуўмағында Өзбекстан ҳәм Россия Омбудсманлары арасында 2025-2026-жылларға мөлшерленген бирге ислесиў бойынша “Жол картасы”на қол қойылды. Онда инсан ҳуқықларын қорғаў тараўындағы биргеликтеги мониторинглер, мигрантлар арасында ҳуқықый хабардарлықты арттырыў, пуқаралардың мүрәжатларын биргеликте көрип шығыў, мәлимлеме ҳәм илимий-изертлеў алмасыўы, сондай-ақ, миллий ҳәм халықаралық дәрежеде бирге ислесиўди кеңейтиўге қаратылған бағдарлар өз көринисин тапқан.
Муҳтарама Комилова, Аслиддин Алижонов, Ўктам Ҳайитов (фото), ӨзА