Өзбекстанда олимпиада ҳәрекетин раўажландырыў бойынша ушырасыўлар өткерилди

Суў спорт түрлери бойынша Сингапурда даўам етип атырған жәҳән чемпионаты шеңберинде Өзбекстан Миллий олимпиада комитети, Спорт министрлигиниң ўәкиллери халықаралық спорт шөлкемлери, бир қатар мәмлекетлердиң олимпиада ҳәрекети басшылары менен бирге ислесиў байланысларын беккемлеў бағдарында ушырасыўлар өткермекте.
Соның ишинде, Халықаралық антидопинг шөлкеми (WADA) президенти Витолд Банка менен болып өткен сөйлесиў ўақтында спортшылардың саламатлығын сақлаў, допингке қарсы гүресиў системасын күшейтиў, жаңа жойбарларды енгизиў мәселеси додаланды.

Миллий олимпиада комитетлери ассоциациясының биринши вице-президенти, Қатар олимпиада комитетиниң Президенти Шайх Жавон бин Ҳамад Ол Соний менен өткерилген ушырасыўда Өзбекстан-Қатар арасындағы көп тәреплемели дослық қатнасықлар жылдан-жылға раўажланып атырғаны атап өтилип, футбол бойынша Өзбекстан миллий сайланды командасының Жәҳән чемпионатына жолламаны қолға киргизгени атап өтилди.
Сондай-ақ, еки мәмлекет сайланды командаларын ири комплексли жарысларға таярлаўда биргеликтеги жыйынлар шөлкемлестириў, жергиликли қәнигелердиң маманлығын арттырыўда тәжирийбе алмасыў, олимпиада ҳәрекетиниң келешегине байланыслы мәселелер додаланды.

Корея Республикасы спорт ҳәм олимпиада комитетиниң президенти Сёнг Мин Рю менен сөйлесиўде еки мәмлекет бирге ислесиўинде денетәрбия ҳәм спорт ҳәрекетинде әмелге асырылған кең көлемли байланыслар жаңаша форматта даўам етип атырғаны атап өтилди.
Келешекте бир қатар олимпиада спорт түрлеринде тәжирийбе алмасыў, халықаралық оқыў-жыйынларын шөлкемлестириў, перспективалы жойбарларды биргеликте әмелге асырыў бойынша “жол картасы” ислеп шығылыўы бойынша келисимге ерисилди.
Т.Рўзиев, ӨзА