Қорғаныў министрлиги системасындағы тайынлаўлар

Генерал–майор Шерматов Фарҳоджон Ортиқович Өзбекстан Республикасы әскерий қәўипсизлик ҳәм қорғаныў университети баслығының биринши орынбасары лаўазымына тайынланды.

Генерал–майор Шерматов Фарҳоджон Ортиқович усы тайынлаўға шекем Қубла-батыс арнаўлы әскерий округи әскерлери сәркардасы лаўазымында жумыс алып барған.
***
Полковник Турсунов Кадиржон Абдипаттаевич Қубла-батыс арнаўлы әскерий округи әскерлери сәркардасы лаўазымына тайынланды.

Полковник Турсунов Кадиржон Абдипаттаевич усы тайынлаўға шекем Өзбекстан Республикасы қорғаныў министриниң жаўынгерлик таярлық бойынша орынбасары лаўазымында жумыс алып барған.
***
Полковник Зоидов Қаҳрамонжон Обиджонович Өзбекстан Республикасы әскерий қәўипсизлик ҳәм қорғаныў университетиниң Қурғақлықтағы әскерлер институты баслығы лаўазымына тайынланды.

Полковник Абдулла Адҳамович Хамраев Өзбекстан Республикасы Әскерий қәўипсизлик ҳәм қорғаныў университетиниң Әскерий авиация институты баслығы лаўазымына тайынланды.

***
Подполковник Раҳимов Бахтиёр Нематович Өзбекстан Республикасы Әскерий қәўипсизлик ҳәм қорғаныў университетиниң Мәлимлеме-коммуникация технологиялары ҳәм байланыс әскерий институты баслығы лаўазымына тайынланды.

Медициналық хызмет полковниги Расулов Улуғбек Абдуғафурович Өзбекстан Республикасы Әскерий қәўипсизлик ҳәм қорғаныў университетиниң Әскерий медицина институты баслығы лаўазымына тайынланды.

Тайынлаўлар Өзбекстан Республикасы Президентиниң тийисли бийлигине муўапық әмелге асырылды.