Өзбекстан ҳәм Пакистан туризм тараўындағы бирге ислесиўди жеделлестириўге қаратылған жаңа жойбарларды келисип алды

80

Өзбекстан елшиси Алишер Тўхтаев Пакистан Туризмди раўажландырыў корпорациясының баслығы Афтаб ур-Раҳман Рана менен ушырасыў өткерди, деп хабар бермекте “Дунё” АА.

Сөйлесиў барысында туризм тараўындағы бирге ислесиўди және де беккемлеў, өз-ара туристлер ағымын арттырыў, тараў ушын кадрлар таярлаў ҳәм олардың маманлығын арттырыў, туризм санааты ўәкиллери арасында тиккелей байланысларды раўажландырыў мәселелери додаланды.

Биргеликтеги бағдарламаларды ислеп шығыў ҳәм әмелге асырыў арқалы тараўдың раўажланыўына үлес қосыў бойынша пикир алысылды.

Пакистан Туризмди раўажландырыў корпорациясының баслығы Өзбекстанның туризм тараўында әмелге асырып атырған системалы ҳәм избе-из реформаларды жоқары баҳалап, мәмлекетимиздиң бул бағдардағы басламаларын қоллап-қуўатлайтуғынын билдирди.

Билимлендириў ҳәм кәсиплик таярлаў тараўында, соның ишинде, туризм бағдарындағы жоқары билимлендириў мәкемелери арасында пайдалы бирге ислесиўди күшейтиў, өз-ара билимлендириў грантларын ажыратыў, студентлер ҳәм қәнигелер алмасыўын жолға қойыў бул тармақты буннан былай да раўажландырыў, келешекте еки мәмлекет экономикасында оның үлесин арттырыўға хызмет ететуғыны атап өтилди.

– Пакистанның туризм ҳәм мийманхана басқарыўы тараўындағы жетекши билимлендириў мәкемелеринен бири – “College of Tourism & Hotel Management” Өзбекстан тәрепи менен бирге ислесиўге таяр, – деди баслық Афтаб ур-Реҳман Рана. – Сондай-ақ, “Uzbekistan Airways”тәрепинен Ташкенттен Лаҳор ҳәм Исламабад қалаларына тиккелей авиақатнаўлар жолға қойылғаны пакистанлы туристлер ушын көплеген қолайлықлар жаратпақта.

Буннан тысқары, тәреплер жуўапкер министрликлер ҳәм уйымлар арасында тиккелей сөйлесиўди жолға қойыў, еки мәмлекет пуқараларына виза рәсмийлестириў процесслерин және де әпиўайыластырыў, бул процесске заманагөй халықаралық стандартларды енгизиў механизмлерин муўапықластырыў бағдарындағы усынысларды көрип шықты.

Сөйлесиўлер нәтийжесинде август айында Өзбекстан ҳәм Пакистанның туризмге жуўапкер шөлкемлери, туроператорлар ассоциациялары ҳәм исбилермен топарлардың қатнасыўында онлайн туризм форумын өткериў, жаңа зыярат туризми маршрутларын ислеп шығыў, еки мәмлекеттиң туризм потенциалын үгит-нәсиятлайтуғын телебағдарламаларды сүўретке алыў, тараўлық жоқары билимлендириў мәкемелери арасында түсинисиў меморандумларына қол қойыўға келисип алынды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги