Ереван Әзербайжанға “дәрўазаларды ашыў”ды усыныс етти

105

Армения президенти Ваагн Хачатурян мәмлекетти раўажландырыў ушын Армения аймағы арқалы Әзербайжанды Нахичеван автономиясы менен байланыстыратуғын Сюник ўәлаятының “дәрўазаларын ашыў” керек, деп есаплайды.

Бурынырақ, АҚШтың Түркиядағы елшиси ҳәм Сирия бойынша арнаўлы ўәкили Томас Баррак Қурама Штатлар Баку ҳәм Ереван арасындағы сөйлесиўлерди алға илгерилетиў мақсетинде Иран шегарасы жанында “Зангезур” деп аталатуғын транспорт жолын басқарыўға таяр екенин мәлим еткен еди.

Армения бас министриниң баспасөз хаткери Назели Багдасарян бул хабарға мүнәсибет билдирип, Армения өз аймағы үстинен қадағалаўды үшинши тәрепке өткериў ҳәм Әзербайжанды Нахичеван автономиясы менен байланыстырыў имканиятын додаламай атырғанын атап өтти.

Бизге белгили, Әзербайжан өзиниң тийкарғы аймағын Нахичеван менен байланыстырыў ушын “Зангезур” транспорт жолын қурыў керек, деп есаплайды. Бирақ Ереван жол идеясына қосылмайтуғынын мәлим еткен.

С.Раҳимов, ӨзА